Ҳүрметли Президентимиздиң тапсырмасы менен Қарақалпақстан Республикасында пуқаралардың машқалаларын үйрениў ҳәм шешимин табыў бойынша дүзилген республикалық жумысшы топар тәрепинен Шымбай районында Тахтакөпир, Қараөзек, Шымбай, Кегейли ҳәм Бозатаў районларынан келген пуқаралар ушын мүрәжатлер ҳәм халықты қыйнап киятырған машқалаларға шешим табыў бойынша көшпели қабыллаў өткерилди.
Өткерилген қабыллаў даўамында суд-ҳуқық системасына байланыслы мүрәжатлер, медициналық жәрдем көрсетиў, социаллық қоллап-қуўатлаў, билимлендириў, бәнтлик, мәҳәллелердеги инфраструктура, банк кредитлери ҳәм басқа бир қатар мәселелер бойынша мүрәжатлер билдирилди.
Қабыллаўда билдирилген мүрәжатлерге өз орнында шешим табыў илажлары көрилип, мүддет талап ететуғын мәселелер қадағалаўға алынды ҳәм оларды тез арада шешиў бойынша тийисли илажлар белгиленди.
-Күйеўим Дәрьябай Сейдуллаев бир неше жыллардан берли аўырғанлығы себепли, үйден кирип шығыўының өзи мүшкил болып, майыплар арбашасына оғада мүтәж еди,-дейди Гүжимли мәкан пуқаралар жыйынының турғыны Назира Реймова.-Мине, бүгинги өткерилген қабыллаўда усы мәселе бойынша мүрәжат еткен едим. Мениң билдирген мүрәжатым тийисли тараў басшылары тәрепинен үйренип шығылып, мәселем унамлы шешим тапты. Буның ушын усындай қабыллаўды шөлкемлестирген елимиз басшыларына өзимниң шексиз миннетдаршылығымды билдиремен.
Көшпели қабыллаўға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Рустам Сапарбаев қатнасты.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы