2025-жылы жоқары билимлендириў шөлкемлерин раўажландырыўдың баслы бағдарларын ҳәм жумысларын жетилистириў бойынша усынысларды ислеп шығыў мақсетинде шөлкемлестирилген Республикалық жумысшы топар Қарақалпақстан Республикасындағы жоқары оқыў орынларында үйрениў жумысларын баслады.

– Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри, жумысшы топар баслығы Қоңыратбай Шарипов Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында аймақтағы жоқары оқыў орынларының басшылары ҳәм Республикалық жумысшы топар ағзалары менен мәжилис өткерди, – дейди НМПИ баспасөз хаткери И.Матеков.

Онда министр жоқары оқыў орынларында оқыў процесин жетилистириў, санластырыў ҳәм билимлендириўдиң сапасын арттырыў, илимий-изертлеўлердиң нәтийжелилигин арттырыў, илим, билимлендириў ҳәм өндиристиң интеграциясын кеңейтиў, социаллық-руўхый орталықты саламатландырыў, студент-жасларда тәрбиялық жумыслар системасын жетилистириў мәселелери бойынша пикир алысылды.

Сондай-ақ, студент-жаслардың бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў, материаллық-техникалық тәмийнат, оқыў лабораторияларын заманагөй әсбап-үскенелер менен тәмийинлеў, сырт ел билимлендириў ҳәм изертлеў мәкемелери менен бирге ислесиў байланысларын жолға қойыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм орын алып атырған машқалалардың шешими бойынша усыныслар ислеп шығыў Республикалық жумысшы топардың тийкарғы мақсети екенлигин атап өтти.

Мәжилис видеоконференцбайланыс тәризинде өткерилди. Онда барлық аймақларда үйрениў жумысларын алып барып атырған Республикалық жумысшы топар ағзаларына тийисли тапсырмалар берилди.

Жоқары оқыў орынларында Республикалық жумысшы топардың үйрениў жумыслары даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги