Жас әўладтың кәмалға келиўинде руўхыйлықтың, соның ишинде, көркем әдебият ҳәм мәденияттың тутқан орны айрықша.

Руўхыйлықтың түп негизи-әдебият десек асыра айтқан болмаймыз. Сонлықтан елимизде балаларымызды жас ўақтынан китап оқыўға қызықтырыў, китапқумарлықты үгит-нәсиятлаў мақсетинде, дѳретиўшилер менен ушырасыўлар ѳткериў дәстүрге айланған.

Шымбай районындағы мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бѳлимине қараслы 38-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде Қарақалпақстан халық жазыўшысы, «Дослық» ордени ийеси, филология илимлериниң кандидаты, «Қарақалпақстан спорты» газетасының редакторы Алланазар Әбдиев  ҳәм шымбайлы жазыўшы Нағыйма Жаңабаевалар менен ушырасыў болып ѳтти.

Өткерилген илажға муғаллимлер, оқыўшылар менен бирге, кең жәмийетшилик ўәкиллери де қатнасты.

Ушырасыўды мектеп директоры Гәўҳар Абдуллаева ашты ҳәм алып барды.

Жазыўшы, журналист ҳәм илимпаз Алланазар Әбдиев ѳзиниң  дѳретиўшиликке қойған дәслепки қәдемлери, басып өткен ѳмир жолы, шығармаларының жазылыў себеплери ҳәм усыллары ҳаққында илаж қатнасыўшыларына кең түрде айтып берди. Сондай-ақ, шығармаларынан үзиндилер келтирип, китаптың адам ѳмириндеги әҳмийетине тоқтады.

Сондай-ақ, өткерилген илажда жазыўшы ҳәм педагог Нағыйма Жаңабаева, Шымбай районлық МШҲМБ бөлиминиң сабақлықлар бойынша методисти Шынар Дәўлетназаровалар да шығып сѳйлеп, руўхыйлық ҳәм китапқумарлық ҳаққында түсиниклер берди.

Илажда қатнасыўшылар тәрепинен кеше мийманларына бир қатар сораўлар берилип, оларға жуўаплар алды.

Илаж соңында мектептиң  кѳркем ѳнерге қызығыўшы ҳәўескерлериниң атқарыўында концерт бағдарламасы қойып берилди.

Г.Абдуллаева,

мектеп директоры.

Ш.Дәўлетназарова,

Шымбай районлық МШҲМБ бөлиминиң методисти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги