Университетте газета-журналларға жазылыў даўам етпекте

Газета дәўир айнасы. Жаңа технологиялар әсиринде интернет журналистика раўажланып, хабар тарқатыўшы сайтлар, каналлар жумыс алып барып атырған болса да газета –журналлар елеге шекем өз оқыўшыларына ийе болып келмекте. Демек, өзине жараса атқаратуғын функциясына ийе басылымлар «дәўир айнасы» нда халыққа жаңалықларды жеткериўде өз имканиятларынан келип шыққан ҳалда ҳәрекет етпекте.
Бүгинги күнде Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети жәмәәти ҳәм студентлери арасында оқыў ҳәм илимий жумысларын және де байытыў мақсетинде 2025-жыл ушын газета-журналларға жазылыў мапазы болып өтпекте.
Университет мәлимлеме-ресурс орайы тәрепинен оқыў жылы ушын мөлшерленген газета-журналлар дизими қәлиплестирилип, студент ҳәм профессор-оқытыўшылар ушын таңлаў имканияты берилди. Онда тийкарғы итибар илимий-техникалық, жәмийетлик сиясий, мәдений-ағартыўшылық темалардағы басылымларға қаратылған.
Жазылыў мапазында университеттиң проректорлары, математика, архитектура факультетлериниң профессор-оқытыўшылары ҳәм тюторлар белсендилик көрсетпекте. Жазылыў мапазында профессор-оқытыўшылар тәрепинен жазылыў процесиниң әҳмийети атап өтилип, бул басылымлар тек ғана оқыў процесинде емес, ал студентлер ҳәм хызметкерлердиң дүньяға көзқарасын кеңейтиўде де әҳмийетли қурал екени атап өтилди.

-Газета-журналлардан жаңалықларды, мақалаларды оқыў менен бирге, илимий дереклерден де хабардар болып барамыз. Және бир абзаллық жери баспасөз тарийхый архив болып қалады. Сол тәреплери менен әҳмийетке ийе басылымларға жазылыў имканиятларды береди. Сонлықтан да жазылыў мапазында мәжбүрий емес ҳалда, зәрүр басылымларға жазылыў процеси даўам етпекте,-дейди математика факультети деканының орынбасары Ж.Низекеев.
Бул өз гезегинде жыл даўамында барлық студент ҳәм оқытыўшыларға сапалы мәлимлеме дереклеринен нәтийжели пайдаланыў имканиятын жаратады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги