Жаңадан шөлкемлестирилген университетте оқыў процеси сентябрьден басланады

179

«Cyber university» мәмлекетлик университетин шөлкемлестириў ҳаққында»ғы Президент қарары (ПҚ-санлы, 20.01.2025.ж) қабыл етилгени ҳаққында хабар берилген еди.

Қарарға бола, мәлимлемени қорғаў, «Cyber university» мәлимлеме ҳәм киберқәўипсизлик, санлы технологиялар ҳәм санлы экономика, жасалма интеллектке тийкарланған автоматластырылған мәлимлеме-таллаў ситемаларын жарытыў, робототехника ҳәм басқа түрдеги тараў бойынша кадрлар таярлаў «Cyber university» мәмлекетлик университетин тийкарғы ўазыйпаларынан бири етип белгиленди.

Университет толық академиялық, қаржылай ҳәм шөлкемлестириў-басқарыў жағынан бийғәрез болған мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемеси есапланады ҳәм питкериўшилерге мәмлекетлик үлгидеги диплом бериледи.

Онда студентлерди оқытыў мәмлекетлик грант ҳәм төлемли-контракт тийкарында алып барылады.

Университет қурамында IT-кластер (мәлимлеме технологиялар парки, технопарк) шөлкемлестириледи ҳәм алдыңғы сырт ел тәжирийбесине тийкарланған технологиялық ҳәм инновациялық идеяларға бағдарланған стартап жойбарларды жаратыў ҳәм әмелиятқа енгизиў оның тийкарғы жумыс бағдарларынан бири етип белгиленди.

2025-2026- оқыў жылы ушын Университетке бакалавр таярлаў бойынша күндизги билимлендириў түрине  100 мәмлекетлик грант ажыратылады. Онда:

-ажыратылатуғын мәмлекетлик грантлар билимлендириў бағдарлары кесиминде бөлистириледи;

Гезектеги оқыў жылынан баслап мәмлекетлик грант мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыл етиўдиң мәмлекетлик буйыртпасы параметрлери тийкарында ажыратылады;

Университетте оқыў процеси 2025-жыл сентябрь айында басланады, -деп мәлимлеме береди  xabar.uz сайты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги