Жол-транспорт ҳәдийселери ақыбетинде жүзлеген инсанлар қайтыс болып атырғаны жәмийетимиз ушын ең аўыр машқалалардан бири

212

2024-жылы 9 мың 364 жол-транспорт ҳәдийселери жүз бериўи ақыбетинде 2 мың 203 инсан қайтыс болған ҳәм 8 мың 901 инсан дене жарақатын алған.

Бул жол-транспорт ҳәдийселериниң жүз бериўине тийкарынан пуқаралар тәрепинен  нызамшылықта белгиленген жуўапкершиликти менсинбеў, әмелдеги жол ҳәрекети қағыйдаларын жақсы билмеў себеп болмақта.

Сенат жалпы мәжилисинде «Жол ҳәрекети қәўипсизлиги системасының жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының Жынаят, Жынаят-процессуал  кодекслерине ҳәм Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине қосымша ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызамды додалаў процесинде  бул тәреплер атап өтилди.

Усы мәселе бойынша баянат жасаған  Сенат комитетиниң баслығы Қутбиддин Бурхонов бул нызам өткен шақырықтың 55-жалпы мәжилисинде сенаторлардың додалаўына алып шығылғанын атап өтти. Жол-транспорт ҳәдийселериниң ақыбетинде жүзлеген инсанлар, соның ишинде, жас балалардың қайтыс болып атырғаны пүткил жәмийетимиз ушын ең аўыр машқалалардан бири болып есапланады. Жол-транспорт ҳәдийселериниң алдын алыў  менен бирге, пуқараларымыздың өмири ҳәм денсаўлығын сақлап қалыў болса  ҳәр биримиздиң миннетимиз.

-Өткерилген үйрениўлерди таллаў соны көрсетеди, жол ҳәрекети қағыйдабузарлықлары ушын әмелдеги нызам ҳүжжетлерине тәсир көрсетиўши факторлардың жоқлығы ҳәм оның  менен жаза сөзсиз екенлиги тәмийнленбегени жол-транспорт ҳәдийселери көбейиўиниң тийкарғы  себеплеринен бири болмақта, – деди Қ.Бурхонов. – Нызамда болса жоқарыдағы  сыяқлы унамсыз  ақыбетлердиң алдын алыўға хызмет ететуғын жаңа нормалар бар. Атап айтқанда, нызам менен Жынаят, Жынаят-процессуал ҳәм Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекслерге жол ҳәрекети қәўипсизлигине байланыслы ҳуқықбузарлықларға қол урғаны ушын жуўапкершилик белгиленбекте.

Нызам жол ҳәрекети қатнасыўшыларын жолларда ҳәрекетлениў мәдениятын арттырыўға, жол ҳәрекети қатнасыўшылары ҳәрекет даўамында белгиленген қағыйдаларға әмел етиўин тәмийинлеўге, жол-транспорт ҳәдийселериниң саны азайыўына  хызмет етеди.

Норгул Абдураимова,

Носир Ҳайдаров (сүўрет), ӨзА