Сырдәрьяда жети адамлық «WULING N111» автомобили ислеп шығарыла басланды

389

Сырдәрья районында ислеп турған «Asaka Motors International» компаниясына қараслы автомобиль заводында жаңа коммерциялық автомобиль – «WULING N111»  ди ислеп шығарыў жолға қойылды, деп хабар бермекте ӨзАның хабаршылары.

Жети адамлық сыйымлылыққа ийе, узынлығы 3797 мм, ени 1510 мм ҳәм бийиклиги 1820 мм болған автомобиль жолаўшылар ҳәм олардың жүклерин тасыўға мөлшерленген. Модель 1,2 литрлик инжектор атмосфералы двигателине ҳәм 82 ат күшине ийе,  орташа жанылғыны жумсаў 100 километрге 6,3 литр болып, бензин бакиниң сыйымлылығы 38 литрди қурайды. Автомобильде АВС системасы ҳәм басқа да қәўипсизлик элементлери болып, бул жолда қолайлылықты ҳәм қәўипсизликти тәмийинлейди.

Asaka Motors International команиясы саўда тармағын кеңейтиўди режелестирип отыр, 2025-жыл 26-февральға шекем елимизде кеминде 4 автосалон ашылады, бул жерде қарыйдарлар автомобиль менен танысып, жаңа модельлерге алдын ала буйыртпа бериўи мүмкин, делинеди хабарда.

Қарақалпақстан хабар агентлиги