Қабыллаўлардағы ҳәр бир мүрәжатқа үлкен дыққат қаратылды

200

Суд-ҳуқық мәселелери бойынша көшпели қабыллаўлар даўам етпекте.

Шымбай районында да Кегейли, Бозатаў, Шымбай, Қараөзек ҳәм Тахтакөпир районларынан келген пуқаралар ушын республикалық сектор және министрликлер менен шөлкемлердиң басшылары тәрепинен мүрәжатлер ҳәм халықты қыйнап киятырған машқалаларға шешим табыў бойынша көшпели қабыллаў өткерилди.

Қабыллаўда Өзбекстан Республикасы Жоқары суды баслығының орынбасары Ш.Полвонов ҳәм Жоқары судтың аппарат баслығы А.Холмахматовлар пуқаралардың суд системасына байланыслы мүрәжатлерин тыңлады.

Қабыллаўда суд басшыларына 55 пуқара өз мәселелери менен мүрәжат еткен болса, соннан 28 и жынаят, 2 и ҳәкимшилик, 20 сы пуқаралық, 5 и экономикалық судлаўға байланыслы мәселелерди қурады.

Аўыз-еки ҳәм жазба түрде мүрәжатлер қабылланған көшпели қабыллаў барысында 29 мүрәжат ийесине тийкарланған ҳуқықый түсиниклер берилди.

Усы күни усыныснамалар ҳәм билдирилген өтинишлерге муўапық жазасын өтеп атырған 10 шахс жынаят ислери бойынша судлар тәрепинен жазаны өтеўден мүддетинен алдын шәртли түрде азат етилди. Сондай-ақ, 2 пуқараның қарсысына топланған жынаят иси ҳәм бир пуқараның қарсысына топланған ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық бойынша иси тәреплердиң өз-ара жарасқанлығы мүнәсибети менен ис жүргизиўден тоқтатылды. Ал, 1 судланыўшының қарсысына қолланылған қамақ тәризиндеги бас шарасы бийкар етилип, суд залынан қамақтан азат етилди, 1 пуқараның транспорт қуралын басқарыў ҳуқықынан айырыў жазасы қысқартылып, олардың мүрәжатлери қанаатландырылды.

Пуқаралық ислери бойынша судлар тәрепинен 4 пуқараның алимент өндириўге   байланыслы мүрәжатлери тийкарында суд буйрығы шығарылып, орынлаўға қаратылды. Сондай-ақ, 6 пуқараның мийнет ҳақысын өндириўге байланыслы мүрәжаты қанаатландырылды. Соның менен бирге, 2 исбилерменлик субъектине суд қарарлары үстинен шағым етиў тәртиби түсиндирилди.

Көшпели қабыллаўда мүрәжатлери унамлы шешимин тапқан 9 пуқара Өзбекстан Республикасы Президентине суд-ҳуқық тараўында алып барылып атырған әдил ҳәм дурыс сиясаты ушын миннетдаршылық билдирип, жазба түрде алғыснамалар усынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги