Мальтаның Өзбекстандағы биринши елшиси тайынланды

Кармело Ингуангез Мальтаның Өзбекстандағы биринши елшиси етип тайынланды. Бул ҳаққында Сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов өзиниң «Телеграм» каналында мәлим етти, деп хабар береди xs.uz.
Хабарға бола, 23-январь күни Мальтаның мәмлекетимиздеги биринши елшиси етип тайынланған Кармело Ингуанез Сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидовқа исеним жарлығын тапсырды.
Сондай-ақ, илаж күн тәртибинен еки тәреплеме қатнасықлардың ҳуқықый тийкарларын беккемлеў, парламентлер арасында дослық топарларын шөлкемлестириў, экономикалық бирге ислесиўди раўажландырыў, туризмди қоллап-қуўатлаў, билимлендириў тараўында қатнасықларды жеделлестириў ҳәм мәмлекетлер арасындағы қатнасықларды жоқарылатыўға қаратылған басқа бағдарларды да додалаў орын алған.
«Сөйлесиўлер ўақтында дипломатиялық паспорт ийелери ушын өз-ара визасыз режим енгизиў ҳаққында келисимге қол қойдық», – деп жазған Өзбекстан СИМ басшысы.
Еслетип өтемиз, Өзбекстанның Мальта менен дипломатиялық қатнасықлары 1993-жыл 25-февральда орнатылған. Еки мәмлекет те өткен 32 жыл ишинде өз-ара сиясий, экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўларда тығыз бирге ислесип келмекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги