Халықты турақ жай менен тәмийинлеў және де кеңейеди

293

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 23-январь күни ипотека бағдарламасы шеңберинде 2024-жылда әмелге асырылған жумыслар ҳәм 2025-жылғы режелер бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Өткен жылы елимизде жәми 40 миллион квадрат метрден аслам имаратлар қурылған. Соның ишинде 100 мыңнан аслам квартираға ийе 2 мың 44 көп қабатлы турақ жайлар қурылған.

Бул тек ғана социаллық яки қурылыс мәселеси емес, ал аймақлар экономикасында және бир драйвер болмақта. Атап айтқанда, бул турақ жайларды қурыўда ҳәм уқсас тармақларда 350 мың адам жумыс пенен тәмийинленген. Мебель, электротехника, тоқымашылылқ, қурылыс материаллары тараўларында қосымша 11 триллион сумлық базар пайда болған. Экономикада 73 триллион сум қаржы айланып бюджетке 14 триллион сум түскен.

Тараўды хошаметлеў ушын 2024-жылы 59 мың адамға 17 триллион сум ипотека кредити ажыратылған.

Имканиятлардан толық пайдаланылса, нәтийжелер буннан да жақсы болар еди. Бирақ Қарақалпақстан, Жиззақ, ҳәм Сырдәрьяда айырым жойбарлар өз ҳалына таслап қойылған. Айырым ўәлаятларда аукционда сатып алынған онлаған жерлерде қурылыс басланбаған. Халық ҳәм инфраструкутурадан узақ жерде қурылғаны ушын 781 квартира сатылмаған.

Мәмлекетимиз басшысы, әсиресе, «Жаңа Өзбекстан» массивлериндеги жумыслардың барысынан наразы екенлигин билдирди.

– «Жаңа Өзбекстан» массивлерин қурыў бул –Президент сиясаты.  Олар менен аймақлар абат болады, мәденият, ағартыўшылық, дүньяқарас өзгереди, саўда ҳәм хызметлер көбейеди,-деди Шавкат Мирзиёев.

Сол бебепли бул бағдарда жаңа тәртип белгиленди. Енди «Жаңа Өзбекстан» массивине ажыратылған жер бойынша жойбарлаў 2 айдан артпаўы, 3 ай ишинде қурылыс басланыўы керек. Бул талап бузылса, жер қайта аукционға шығарылады. Жойбар көби менен он бес күнде экспертизадан өткериледи.

Быйыл бул массивлер инфраструктурасы ушын 1,2 триллион сум қаратылады.

Қурылыста «эскроу» системасы енгизилиўи менен, девелоперлерге ҳәзиргиден төменирек ставкада 1 миллиард доллар айланыстан қаржы алыў имканияты пайда болады. Ең әҳмийетлиси, оларды қаржыландырыў турақ жай қурыў менен бирге басланады ҳәм даўам етеди. Пуқаралар болса қурылыс  басынан ипотека ҳәм субсидия алыў, турақ жай қурылмастан басқа адамға сатыў имканиятына ийе болады.

Исенимли девелоперлер ушын және бир имканият: имараттың 50 проценти қурылғанда пуқаралар кредит ҳәм субсидия алыў мүмкин болады. Бул тәртип тек ғана жеңилликли емес, ал коммерциялық ипотека кредитлери ушын да қолланылады.

Қурылысшы шөлкемлер қурылыс басланғанынан жуўмақланғанға шекем, бирақ көби менен 12 ай даўамында жер салығы төлеўден азат етиледи. Объект мүддетинде тапсырылмаса, девелопер жер салығын 2 есе муғдарда төлейди.

«Жаңа Өзбекстан» массиви ушын ажыратылған жердиң 10 проценти девелоперлерге коммерциялық имаратлар қурыў ушын бирден-бир лот сыпатында саўдаға шығарылады. Турақ жайлардың 1-2 –қабатында жеке меншик бақшалар ашыў қоллап-қуўатланып, мүлк салығынан да азат етиледи.

Улыўма, 2030-жылға шекем 100 «Жаңа Өзбекстан» массивиниң қурылысы режелестирилген. Оның ушын жерлер кеминде 70 мың адам жасайтуғын район орайы яки қала аймағына 1-2 километр аралықтағы орыннан ажыратылады. Бул массивлердиң ҳәр биринде 100 мың квадрат метрлик 2 мың квартира қурылады.

Жумысларды сапалы шөлкемлестириў ушын заманагөй менеджерлерден ибарат «Өз үйим» компаниясы дүзиледи. Бул компания «Жаңа Өзбекстан» массивлерине жер таңлаў, жойбарлаў, қурыў ҳәм эксплутациялаўға жуўапкер болады.

Жуўапкерлерге халықаралық экспертлерди кеңнен тартқан ҳалда, алдағы бес жыл ушын турақ жай сиясаты стратегиясын ислеп шығыў тапсырылды.

Қурылыстың сапасы ҳәм қадағалаў мәселелерине айрықша тоқтап өтти. Енди бул процесслер әпиўайыластырылыўы атап өтилди.

Соның ишинде, имарат қурыўшылар «Ашық қурылыс» платформасы арқалы таяр жойбарды уйымлар менен онлайн келиседи. Имараттың жойбарға сәйкес келетуғынлығы Қурылыс тараўында қадағалаў инспекциясы тексереди ҳәм питкенинен соң жуўмақ береди. Керекли жағдайларда, басқа тараўдағы қәнигелерди кеңнен тартады. Қурылыс даўамында жер силкиниўине шыдамлылығын сынақтан өткерген лабораторияның өзи соңында қосымша мийнет ҳақы алмай жуўмақ береди. Имаратты пайдаланыўға тапсырыўда ҳәзирги 7 уйымның орнына тек ғана 2 –Қурылыс инспекциясы ҳәм өрт қәўипсизлигиниң жуўмағы жетерли болады.

Бизге белгили, жақында Ташкент қаласының Бас режеси тастыйықланды. Енди архитектура-режелестириў тапсырмасы ҳәм қурылысына руқсат бериў процесин бирлестирип, оған кететуғын ўақытты 2 есеге қысқартыў керек екенлиги айтылды. Бул система келеси жылдан басқа  ўәлаятларда да жолға қойылады. Жер алыўдан баслап, имаратты пайдаланыўға тапсырғанға шекем ҳәр бир басқыш көринип туратуғын санлы система жаратылады.

Тараўда потенциаллы девелоперлерди кеңнен тартыў мақсетинде, ендигиден былай көп қабатлы турақ жай қурыў ушын жерлер аукционда тек ғана ҚҚС төлеўши юридикалық тәреплерге сатылады. Бүгинги күнде 15 мыңға шамалас көп қабатлы турақ жайларға байланысқан майдан мүлк ийесине бириктирилмегени себепли басқарыў-сервис компаниясы хызмет көрсететуғын аймақлардың шегарасы белгили емес. Бундай турақ жайларды анық белгилеп, компанияларға бириктириў, тереклер егип, қоршаған-орталықты қорғаў бойынша көрсетпелер берилди. Бул бағдардағы шәртнама бойынша байланыслар ҳәм жасыл аймақ бойынша нормаларды нызам менен беккемлеў керек екенлиги атап өтилди.

Усы жылы мәмлекетимизде 120 мың квартиралы көп қабатлы турақ жай қурылысы режелестирилген.

Сондай-ақ, Жаңа Ташкентте 15 мың квартира қурыў нәзерде тутылған. Бул турақ жайларда «жасыл» энергиядан пайдаланылады. Энергияның турақлылығын тәмийинлеў ушын жеке меншик шериклик тийкарында 100 мегаватт саат сыйымлыққа ийе электр сақлаў қуўатлылығы орнатылады.

Жаңа Ташкенттеги турақ жайларды ысытыў ҳәм салқынлатыў орайласқан «Үш генерация» системасы арқалы болады. Буның есабынан жаз мәўсиминде электрди сарыплаў 4 есеге қысқарады. Барлық имаратларға жоқары энергия нәтийжелилиги талаплары енгизиледи. Транспорт, жақтыландырыў системалары ҳәм зарядкалаў станциялары тек ғана «жасыл» технологиялар тийкарында болады.

Ески жайларды реновация тийкарында жаңалаў мәселесине де итибар қаратылды.

Бунда жерден пайдаланыў нәтийжелилиги 4-5 есеге артады, коммуникация қәрежети 2 есеге азаяды. Тийкарғысы, бул арқалы усы аймақтағы адамлардың көзқарасы өзгереди, турмыс тәризи түптен жақсыланады, жумыс орны көбейип, экономика раўажланады.

Жиззақ, Марғулан, Қоқанд, Шаҳрисабз, Қаршы қалалары, Дослық ҳәм пайтахт районларында усындай жумыслар басланған. Бул басқышпа-басқыш басқа аймақларда да әмелге асырылады.

Быйыл турақ жай бағдарламаларын қаржыландырыўға бюджеттен 15 триллион 500 миллиард сум ажыратылыўы нәзерде тутылған. Банклер тәрепинен буған қосымша 10 триллион сум, «Ипотеканы қайта қаржыландырыў компаниясы» тәрепинен 2,3 триллион сум қаратылады.

Буның жәрдеминде 70 мың квартираның ипотека кредити арқалы сатылыўға шараят жаратылады. Соннан 30 мың квартира, басланғыш төлемине бюджеттен субсидия төленген ҳалда, дәраматы жоқары болмаған шаңарақларға бериледи.

Мәжилисте ўәлаят ҳәкимлери «Жаңа Өзбекстан» массивлери қурылысы, ипотека ҳәм реновация жойбарлары бойынша мәлимлеме берди.

ӨзА