Жумысшы топар Бозатаўда үйрениў жумысларын алып барды

179

Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы тәрепинен дүзилген арнаўлы жумысшы топар ўәкили Б.Пиримбетов Бозатаў районында болып, тийисли тараў басшылары менен ушырасты.

Б.Пиримбетов соңынан Қусханатаў аўыл пуқаралар жыйынында болып, бул жерде мәҳәлле жетилиги тәрепинен әмелге асырылған жумыслардың барысы менен танысты. Илажда аймақтағы исбилерменлик пенен шуғылланып атырған пуқаралар менен сөйлесип, олардың ушырасып атырған машқалаларын тыңлады. Сондай-ақ, аймақта жаслардың спорт пенен шуғылланыўы ушын жаратылған шараятлар менен танысып, жыйын басшыларының спортты кеңнен ен жайдырыў бойынша алып барып атырған жумыслары туўралы пикирлерин тыңлады.

Соңынан арнаўлы жумысшы топар ўәкили Б.Пиримбетов Бозатаў поселкалық пуқаралар жыйынына барып, бул жерде мәҳәлле жетилиги тәрепинен халықтың машқалаларын үйрениў ҳәм шешиў, жумыссызлық ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў, кәмбағаллықтан абадан турмысқа қарай бағдарламасы тийкарында әмелге асырылып атырған жумыслар менен жақыннан танысты.

Аймақ турғынлары менен сәўбетлесип, олардың ушырасып атырған машқалаларын тыңлады.

Ҳәзирги күнлери республикамыздың барлық аймақларында Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы тәрепинен дүзилген арнаўлы жумысшы топар ағзалары белгиленген кесте тийкарында үйрениў жумысларын алып бармақта.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы