Институт өндирис кәрханалары менен бирге ислеспекте

2024-жылдың 20-июнь күни Өзбекстан Республикасы Президенти басшылығында болып өткен видеоселектор мәжилисинде инженерлик тараўындағы Жоқары оқыў орынларын жетилистириў, инженер кадрларды таярлаў системасындағы әҳмийетли мәселелер ҳәм «тармақ -кәрхана -жоқары оқыў орны» тийкарында ҳәр бир жоқары оқыў орнына бирге ислесиўши санаат кәрханалары белгиленген еди. Соның менен бирге, барлық инженерлик жоқары оқыў орынлары бирге ислесиўши кәрханаларда кафедра филиалларын ашыў ҳәм дуал билимлендириўди жолға қойыў, студентлердиң әмелияты ҳәм питкериў курсындағы оқыўы толық бирге ислесиўши кәрханаларда шөлкемлестириледи – деп белгилеп берилген еди.
Усы тийкарда Наўайы мәмлекетлик кәншилик ҳәм технологиялар университети жанындағы Нөкис кәншилик институты тәрепинен институтта жолға қойылған дуал тәлим, бирге ислесиўши кәрханаларда кафедра филиалларының ашылыўы ҳәм ол жерде теориялық билимлер менен бирге лабораториялық сабақлар өтилиўи, студентлердиң санаат кәрханаларындағы процесслери менен таныстырыў мақсетинде, ғалаба хабар қураллары хызметкерлери ушын пресс-тур шөлкемлестирилди.
Өткерилген пресс-тур даўамында журналистлер институт пенен бирге ислесип киятырған «Үстирт геофизика экспедициясы», «Полимер Нөкис» «Нөкис электроаппарат», Өзбекстан миллий метрология институты Қарақалпақстан филиалында кафедра филиалларында ашылған ҳәм дуал билимлендириў бағдарында алып барылып атырған жумыслар менен танысты.

-Келешекте студент-жаслар өндирис кәрханаларында өз орынларына ийе болыў, сырт ел тәжирийбелери тийкарында билимлендириўдиң сапасын жақсылаўға қаратылған бир қатар ўазыйпаларды биз өзимизге белгилеп алғанбыз,-дейди институт директорының оқыў ислери бойынша орынбасары Данияр Жумамуратов.-Сонлықтан институтымыз студентлери 2-курс дәўиринен баслап-ақ, республикамызда жайласқан бир қатар өндирис кәрханаларында оқыў-әмелиятын бирге алып бармақта. Келешекте билимлендириўдиң сапасын жақсылаў, оқыў менен әмелиятты бирлестирип, Өзбекстанның социаллық-экономикалық раўажланыўы ушын өзлеримиздиң үлесимизди қосыўды мақсет еткенбиз.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы