Тақыятаслы ҳаял-қызлар Самарқанд нанын жаўып үйренди

«Исбилермен ҳаял-қызлар ҳәптелиги» шеңберинде исбилерменлик пенен шуғылланыўды қәлеўши ҳаял-қызлар ушын Тақыятас районы Нурлы келешек мәкан пуқаралар жыйынында жасаўшы пуқара Г.Тажимуратованың шаңарағында самарқандлы исбилермен Лочинбек Умаров тәрепинен Самарқанд нанын жабыў техникасы бойынша мастер-класс шөлкемлестириледи.
-Мастер-классты шөлкемлестириўден тийкарғы мақсет ― усы аймақта жасаўшы жумыссыз ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў, олардың турақлы дәрамат дәрегине ийе болыўына жәрдем бериў, үй шараятында өним жетистирип, дәрамат табыў бойынша көнликпесин арттырыўдан ибарат,-дейди Тақыятас районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети баслығы Гүлхатийша Уразбаева.

Илажда аймақ турғынлары самарқандлы исбилермен Лочинбек Умаровтың тандырда Самарқанд нанын жабыў техникасы бойынша тәжирийбеси менен ортақласты ҳәм бул бойынша өзлерин қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги