Бирге ислесиў меморандумына қол қойылды

Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги ҳәм Орайлық Азия халықаралық институты арасында бирге ислесиў меморандумына қол қойылды.
Нызамшылық ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте өз жумысы бағдарында гөзленген нәтийжелерге ерисиў мақсетине хызмет етиўши бул келисимге бола, тәреплер өз-ара пайдалы қатнасықты қоллап-қуўатлаў ҳәм раўажландырыў, ўәкиллиги шеңберинде биргеликте илажлар өткериў, соның ишинде, мәлимлеме-аналитикалық жумысты және де жетилистириў жолында жумыс алып барады.

Шериклик шеңберинде дүньяда жүз берип атырған сыртқы ҳәм ишки сиясий, соның менен бирге, социаллық-экономикалық процесслердиң тийкарғы тенденцияларын ҳәр тәреплеме терең үйрениў, әмелий пикир-усыныслар ислеп шығыў, сондай-ақ, мәмлекеттиң миллий, әскерий қәўипсизлигин тәмийинлеў, мәмлекеттиң қорғаныў қәбилетин арттырыў, қорғаныў ҳәм әскерий қурылыс тараўларында мәмлекетлик сиясатты сапалы әмелге асырыўға байланыслы халықаралық тәжирийбени өзлестириў бағдарындағы ҳәрекетлерди муўапықластырыў да нәзерде тутылған.

Қол қойылған ҳүжжетте тараўға байланыслы миллий ҳәм халықаралық дәрежедеги илимий-методикалық, әмелий конференцияларды шөлкемлестириў ҳәм өткериў, халықаралық қатнасықлар бойынша экспертлер ҳәм тар шеңбердеги қәнигелердиң өз-ара тәжирийбе алмасыўын әмелге асырыў, хызметкерлердиң маманлығын арттырыў, оларды қайта таярлаў, әмелиятлар өткериў тәртиби сәўлеленген.

Ғ.Хонназаров, ӨзА