Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының үшинши жалпы мәжилиси ҳаққында мәлимлеме

23-январь күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының үшинши жалпы мәжилиси өз жумысын баслады.
Онда Сенат, ҳүкимет ағзалары, министрлик ҳәм уйымлардың ўәкиллери, жергиликли Кеңеслердиң депутатлары, Сенат жанындағы Жаслар парламенти ағзалары ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.
Видеоконференцбайланыс түринде өткерилген жалпы мәжилисти Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева алып барды.
Жалпы мәжилис Сенаттың YouTube тармағындағы бети арқалы тиккелей сәўлелендирип барылды.
Сенаттың үшинши жалпы мәжилисинде дәслеп «Инвестициялар ҳәм инвестиция жумысы ҳаққында»ғы нызам көрип шығылды.
Бул нызам инвестиция жумысы тараўындағы бирден-бир мәмлекетлик сиясатты, соның ишинде, тиккелей инвестицияларды әмелге асырыў ўақтында пайда болатуғын қатнасықларды тәртипке салады.
Нызамда мәмлекетимизде қолайлы инвестициялар орталығын жаратыў, тиккелей инвестицияларды жедел тартыў, сондай-ақ, жергиликли ҳәм сырт ел инвесторлары ҳәм исбилерменлердиң ҳуқықларын кепиллеў нәзерде тутылған.
Сондай-ақ, кәмбағаллықты қысқартыў, халықтың денсаўлығын сақлаў, сапалы билимлендириў, тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланылыўын тәмийинлеў, қайта ислеў ҳәм өндирис имканиятын арттырыў, «жасыл» экономиканы раўажландырыў, сондай-ақ, инсан ҳуқықлары қорғалыўын тәмийинлеў де усы нызамның мақсетлеринен болып есапланады.
Буннан тысқары, инвестициялар ҳәм инвестиция жумысына байланыслы тийкарғы түсиниклер, принциплер ҳәм мақсетлер белгиленбекте. Атап айтқанда, инвестициялаў еркинлиги, ашық-айдынлықты тәмийинлеў, бизнести басқарыў еркинлиги ҳәм қаржыларды еркин басқарыўға байланыслы кепилликлер белгиленбекте.
Нызам менен инвестиция көлемине бола киши, орта, ири, стратегиялық инвестициялық жойбарларға жеңилликлер бериў нәзерде тутылмақта.
Сондай-ақ, инвестицияларды қоллап-қуўатлаў илажлары ҳәм жеңилликлер шеңбери кеңейтилмекте. Сырт ел инвестицияларының қатнасыўындағы кәрханада устав фондын сырт ел инвестицияларын шөлкемлестириўи керек екенлиги ҳаққындағы муғдар 15 проценттен 10 процентке түсирилмекте.
Нызамның қабыл етилиўи жергиликли ҳәм сырт ел исбилерменлерине «бир айна» системасы арқалы ўәкилликли мәмлекетлик уйымға инвестиция усыныслары менен мүрәжат етиў имканиятларын жаратыўға, сондай-ақ, оларға әдалатлы ҳәм тең ҳуқықлы түрде қатнаста болыўға, олардың кепилликлери, ҳуқықлары ҳәм миннетлемелерин мәмлекет тәрепинен мүнәсип қоллап-қуўатлаўға хызмет етеди.
Додалаў соңында нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Буннан соң «Азық-аўқат қәўипсизлиги ҳаққында»ғы нызам көрип шығылды.
Бул нызамның мақсети азық-аўқат қәўипсизлиги тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыўдан ибарат.
Нызам нормалары халықтың азықлық заттың баҳасына ийе болған азық-аўқат өнимлери менен қәўипсиз аўқатланыўын тәмийинлеўге, нәтийжели базар механизмлерин қәлиплестириў соның менен бирге азық-аўқат өнимлери ҳәм шийки затын ислеп шығарыўға қолланылады.
Нызамда азық-аўқат қәўипсизлиги тараўындағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары белгиленген.
Атап айтқанда, азық-аўқат өнимлерин пайдаланыўдың минимал нормаларына муўапық азық-аўқат өнимлери ҳәм шийки затының айланба резервин қәлиплестириў ҳәм халықты социаллық әҳмийетке ийе тийкарғы түрдеги азық-аўқат өнимлери менен жетерли муғдарда ҳәм үзликсиз тәмийинлеў имканиятларын кеңейтиў усылардың қатарына киреди.
Буннан тысқары, мәмлекет азық-аўқат өнимлериниң нызамшылық ҳүжжетлеринде белгиленген санитариялық, ветеринариялық, ветеринария-санитариялық, фитосанитариялық қағыйдалары ҳәм нормаларына муўапық ислеп шығарылыўын қоллап-қуўатлайды.
Сыртқы экономикалық жумысты жеделлестириў, сондай-ақ, социаллық әҳмийетке ийе тийкарғы түрдеги азық-аўқат өнимлериниң экспорты ҳәм импорты арасындағы оптимал турақлылықты сақлаў да азық-аўқат қәўипсизлиги тараўындағы мәмлекетлик сиясаттың бағдарларынан бири болып есапланады.
Аўыл хожалығы министрлиги азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў тараўында ўәкилликли мәмлекетлик уйым сыпатында белгиленбекте.
Оған республика атқарыў ҳәкимияты уйымлары ҳәм жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымларының азық-аўқат қәўипсизлиги тараўындағы жумысын муўапықластырыў, азық-аўқат өнимлери ҳәм шийки затын ислеп шығарыў менен байланыслы жумысты қоллап-қуўатлаў бойынша усыныслар таярлаў, азық-аўқат қәўипсизлигине унамсыз тәсир етиўши факторларды үйрениў тийкарында азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыў процесслерин жетилистириў ҳәм раўажландырыўға байланыслы қысқа, орта ҳәм узақ мүддетли стратегияларды ислеп шығыў сыяқлы бир қатар ўәкилликлер берилмекте.
Сондай-ақ, нызамда азық-аўқат жетиспеўшилигине жол қоймаў бойынша мәмлекет тәрепинен қандай илажлар көрилиўи, азық-аўқат балансын қәлиплестириў, тутыныўшылардың ҳәм хожалық жүргизиўши субъектлердиң азық-аўқат қәўипсизлиги тараўындағы ҳуқықлары менен миннетлемелери белгилеп қойылмақта.
Бул нызам мәмлекетимизде азық-аўқат қәўипсизлиги тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыўшы нормаларды бирден-бир ҳүжжетке унификациялаў ҳәм системаластырыў, бул тараўдағы қатнасықларды комплексли ҳуқықый тәртипке салыўға хызмет етеди.
Додалаў соңында нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Усының менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының үшинши жалпы мәжилисиниң биринши жумыс күни жуўмақланды.
Өзбекстан Республикасы
Олий Мажлиси Сенатының
Мәлимлеме хызмети