Өзбекстан ҳәм Малайзия: «Жасыл» экономика ҳәм инновациялық раўажланыў тараўында бирге ислесиў

Куала-Лумпур қаласында Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм қаржы министрлиги делегациясы Малайзия Экономика министриниң орынбасары Ҳажжа Ханифа Ҳажар Таиб пенен ушырасыў өткерди.
Онда Малайзияның турақлы экономикалық өсиўди тәмийинлеўдеги табыслы тәжирийбеси толық додаланды.

Сөйлесиў даўамында тәреплер өз-ара бирге ислесиў имканиятларын додалады. Атап айтқанда, «жасыл» экономика, қайта тиклениўши энергия дәреклеринен пайдаланыўды кеңейтиў, климат өзгериўине бейимлесиў стратегияларын ислеп шығыў ҳәм углерод эмиссияларын қысқартыў бойынша биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў мәселеси көрип шығылды.
Сондай-ақ, технологиялық инновациялар бойынша илимий-изертлеўлерди әмелий экономикаға қолланыў, санлы технологияларды раўажландырыў ҳәм технологиялар трансферин қоллап-қуўатлаў ҳәм мийнет базарының раўажланыўын инабатқа алған ҳалда жас қәнигелерди таярлаў бағдарында билим ҳәм тәжирийбе алмасыў ушын семинар ҳәм тренинглер шөлкемлестириў бойынша пикир алысылды.

Ушырасыў соңында тәреплер экономикалық бирге ислесиўди кеңейтиў мақсетинде турақлы сөйлесиўди даўам еттириў ҳәм еки тәреп ушын өз-ара пайдалы болған бағдарлардағы имканиятлар турақлы үйренип барылыўына келисип алынды.
Бундай бирге ислесиў Өзбекстанның 2030-жылға мөлшерленген «жасыл» экономика стратегиясын әмелге асырыўда халықаралық тәжирийбе ҳәм ресурслардан нәтийжели пайдаланыў ушын әҳмийетли платформа болып хызмет етеди.
Насиба ЗИЁДУЛЛАЕВА,
ӨзАның хабаршысы