“Исбилермен ҳаял-қызлар ҳәптелиги” басланды

Өзбекстан Саўда-санаат палатасы ҳәм интакер исбилермен ҳаял-қызлар биргеликте Қарақалпақстан Республикасында Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен кәмбағаллықты қысқартыў бойынша белгилеп берилген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў, исбилерменлик етиўди қәлеўши ҳаял-қызларға финанслық билим бериў, оларды киши-технологиялар менен тәмийинлеў, тәжирийбели исбилерменлер менен пикир алмасыў имканиятын жаратыў, кооперация тийкарында халықты бәнт етиў мақсетинде дәслепки мәрте “Исбилермен ҳаял-қызлар ҳәптелиги”не старт берилди.
Ҳәптелик шеңберинде гүлшилик, зергерлик, гүлалшылық, тоқымашылық, тигиўшилик, кондитер өнимлерин писириў, кестешилик, пал ҳәррешилик сыяқлы 15 тен аслам бағдарда мастер-класслар шөлкемлестириледи.
Соның менен бирге, Өзбекстанда хызмет көрсеткен исбилермен Шарапат Нориева исбилерменлик жумысындағы табысқа ерисиў сырлары менен ортақласады. Нөкис қаласы ҳәм Шоманай районларында қаржы мәселелери бойынша белгили эксперт Шоҳида Ибрагимова тәрепинен бизнес тренинглер өткериледи. Сондай-ақ, Хожели районы ҳәкимлиги менен биргеликте “Исбилермен ҳаял-қызлар бағы” жаратылады.
Республикамыздың ҳәр қыйлы аймақларынан келген исбилермен ҳаял-қызлардың арасында тығыз байланыс жаратылады.
Ҳәптелик илажларында 60 тан аслам интакер исбилермен ҳаял-қызлар өзлериниң тәжирийбелерин ортақласыў, мастер-класслар арқалы бизнеске дәслепки қәдем қойып атырғанларға бизнес сырларын үйретиў ҳәм оларға бизнес жойбарларын әмелге асырыў ушын дәслепки зәрүр үскенелер ҳәм шийки затлар менен тәмийинлеў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасына келди.

Ҳәптелик шеңберинде республикамыздың барлық аймақларынан 250 ден аслам исбилермен ҳәм 600 ден аслам бизнесин баслаў нийетиндеги ҳаял-қызлар, имканияты шекленген халық қатламы, жәрдемге мүтәж ҳаял-қызлардың қатнасыўы күтилмекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги