Суд-ҳуқық системасындағы мәселелер бойынша мүрәжатлерге нәтийжели шешим табыў, пуқаралар менен исбилерменлердиң нызамлы ҳуқықлары менен мәплерин исенимли қорғаў илажларын күшейтиў, адамлардың орынларда судпа-суд әўере болып жүриўин тоқтатыў ҳәм “Инсан қәдири ушын” принципи тийкарында анық әдил суд системасын қәлиплестириў, оның жумысларын халық мәпи ҳәм инсан қәдирин нәтийжели қорғаўға бағдарлаў бойынша белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Қанлыкөл районында өткерилген көшпели қабыллаўда Хожели, Шоманай, Қоңырат, Мойнақ, Қанлыкөл районларынан келген пуқаралардың суд-ҳуқық системасына тийисли мүрәжатлери тыңланди.

Өзбекстан Республикасы Жоқары суды баслығының орынбасары Ш.Полвонов ҳәм Өзбекстан Республикасы Жоқары судының аппарат басшысы А.Холмахматовлар тәрепинен 68 пуқараның системаға тийисли мүрәжатлери тыңланды. Соннан 23 и жынаят, 7 и ҳәкимшилик, 35 и пуқаралық, 3 и экономикалық судлаўға тийисли мәселелерди қурады.

Аўызша ҳәм жазба мүрәжатлер қабыл етилген усы көшпели қабыллаўда 36 мүрәжаттың ийесине тийкарланған ҳуқықый түсиниклер берилди.

Сол күни жазасын өтеп атырған 5 шахс усыныс ҳәм өтиниш хатлары тийкарында жынаят ислери бойынша суд тәрепинен жазаны өтеўден мүддетинен алдын шәртли түрде азат етилди. 6 қамақтағы шахстың өтелмеген еркинен айырыў жазасы басқа түрдеги жеңиллеў жазаға алмастырылды. 1 пуқараның қарсысына топланған жынаят иси тәреплердиң жарасыўына тийкарланып тамамланып, олардың мүрәжатлери де унамлы шешилди.

Пуқаралық ислери бойынша суд тәрепинен алимент өндириў туўралы 7 суд буйрығы шығарылып, орынлаўға қаратылды. Соның менен бирге, юридикалық әҳмийетке ийе болған фактлерди белгилеў бойынша 4 арза қанаатландырылды. Ажырасыў алдында турған, еки жас өспирим перзенти бар бир шаңарақ жарастырылды.

Экономикалық ислер бойынша суд тәрепинен 3 исбилерменлик субъектине суд қарарлары үстинен даўа етиў тәртиби түсиндирилди.

Көшпели қабыллаўда мүрәжатлерине шешим табылған 6 пуқара Қарақалпақстан Республикасы судының жумыслары бойынша Жоқары суд баслығына жазба алғыс билдирди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги