Соңғы жыллары елимиз жасларының халықаралық спорт жарысларында қолға киргизип атырған табыслары, жас әўлад ўәкиллериниң спортқа деген қызығыўшылығын арттырып, оларды алға қарай умтылдырмақта.

Атап айтқанда, өзбекстанлы жас футболшылардың Азия чемпионаты, кубоги ҳәм жәҳән чемпионатларында, Олимпиада ойынларында көрсеткен ойынлары, Элдор Шомурадов, Абдуқодир Ҳусанов, Аббосбек Файзуллаев ҳәм басқа футболшыларымыздың Европаның ең күшли клубларына өтиўи жасларымыздың футболға болған қызығыўшылығын арттырғанына гүман жоқ.

Әсиресе, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 3-ноябрьдеги «Футбол-билимлендириў мәкемелери тармағын кеңейтиў ҳәм халықаралық стандартларға жуўап беретуғын футбол инфраструктурасын раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы ҳәм 2023-жыл 25-декабрьдеги «2024-2026-жылларда Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм өндирислик  инфраструктурасын раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарлары елимизде жаслар арасында футболдың және де кеңнен ен жайыўына әҳмийетли тийкар болмақта.

Соның ишинде, 2024-жылы жоқарыдағы аты аталған Президент қарарлары тийкарында, Нөкис қаласында жайласқан Қарақалпақстан Республикасы футбол академиясына «Үстюрт транс» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен 4 млрд 385 млн сумлық капитал оңлаў ҳәм «Туран» стадионына «Насаф мега строй» жуўапкершилиги шекленген жәмийети қурылысшылары тәрепинен 26 млрд сумлық капитал реконструкция жумыслары жүргизилди.

Өзбекстан Журналистлер аўқамының Қарақалпақстан бөлими ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Спорт министрлиги тәрепинен республикамызда жумыс алып барып атырған ғалаба хабар қураллары хызметкерлери ушын өткерилген пресс-турда журналистлер усы спорт объектлеринде исленген ҳәм исленип атырған жумыслардың барысы менен танысты.

-«Туран» стадионының қурылысы спорт объектлерин қурыў бойынша үлкен тәжирийбеге ийе болған «Насаф мега строй» ,  Қарақалпақстан Республикасы футбол академиясы қурылысы «Үстюрт транс» жуўапкершилиги шекленген жәмийетлерине исенип тапсырылды,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Спорт министрлигиниң инвестиция бағдарламалары ҳәм инфраструктуралар бойынша бас қәнигеси Рустем Данияров.-Соннан футбол академиясының имаратында қурылыс оңлаў жумыслары толық жуўмақланып, 2024-жылдың декабрь айында халық ийгилиги ушын пайдаланыўға тапсырылды.

Ал, «Туран» стадионында болса, 26 млрд сумлық капитал реконструкция жумыслары алып барылмақта. Несип етсе, 2025-жылдың ақырында қарақалпақстанлы футболшылар да ФИФА талапларына толық жуўап беретуғын заманагөй стадионға ийе болады. Ҳәзирги күнлери бул объектте конструкциялық жумыслар алып барылмақта ҳәм бул жумысларға 80 нен аслам қурылысшылар қатнаспақта.

– Қарақалпақстан Республикасы футбол академиясында бүгинги күни 154 оқыўшы тәлим алмақта,-дейди академия директоры Дамир Искендеров.-Оқыў дәргайына жүргизилген капитал оңлаў жумысларынан соң, бул жерде оқыўшылар ҳәм тренерлер ушын көплеген қолайлы шараятлар жаратып берилди. Атап айтқанда, имараттың әйнек-қапылары, еденлери жаңадан өзгертилип, асхана, моншахана, китапхана ҳәм шешиниў бөлмелери заманагөй түрге енди. Бул жерде тәлим алып атырған оқыўшылар жатақхана, арнаўлы кийим-кеншеклер ҳәм 3 мезгил ыссы аўқат пенен тәмийинленген.Мектебимиз тәрбияланыўшылары Өзбекстан көлеминде өткерилетуғын ҳәр қыйлы жарысларға қатнасып, оларда сыйлы орынларды ийелеп келмекте. Атап айтқанда, өткен жылы 2008-жылы туўылған жас футболшыларымыз футбол Академиялары командалары арасында өткерилген чемпионатта қола медалын жеңип алыўға миясар болған болса, қалған жас категориясындағы футболшыларымыз да жарысларда мүнәсип түрде қатнаспақта. Олардың арасынан өсип жетилискен Баҳадыр Избасқанов, Самандар Муратбаев, Асылбек Аташевтай жасларымыз бүгинги күни Ташкенттиң «Бунёдкор», «Олимпик Мобиуз», Сурхандәрьяның «Сурхон» клубларында өзлериниң шеберликлерин көрсетпекте. Бул жасларымыз арасынан келешекте Абдуқодир Ҳусанов, Аббосбек Файзуллаев, Элдор Шомурадовтай пүткил дүньяға белгили футболшылар өсип жетилисетуғынлығына толық исенемен.

Ҳақыйқатында да, елимизде Президентимиз тәрепинен жасларымызға жаратылып атырған кең имканият ҳәм қолайлықлар нәтийжесинде мәмлекетимиз жаслары соңғы жыллары халықаралық ареналарда көплеген жеңислерди қолға киргизбекте. Алдағы ўақытлары усындай жаслар арасында қарақалпақстанлы жас футболшыларды да көрсек әжепленбеймиз. Себеби, буның ушын республикамызда беккем тийкар жаратылмақта.

Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы