Заманагөй технологиялар истиң өнимдарлығын арттырып, қолайлықлар жаратары анық. Бул бағдардағы илажлар насос станцияларында да әмелге асырылып, заманагөй жаңа технологиялар енгизилмекте.
Нөкис районы насос станциясында ески агрегатлардың орнына заманагөй энергия үнемлейтуғын насос агрегатларын орнатыў бойынша көргизбели семинар өткерилди.
Илажда сөзге шыққанлар мәмлекетимиз басшысы тәрепинен 2025-жылдың «Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл» экономика» жылы деп жәрияланғаны ҳәм бул бағдарда аўыл хожалығы тараўында белгиленген ўазыйпаларды орынлаўға байланыслы насос агрегатларын энергия үнемлеўге өткериў бағдарындағы жумысларды кеңнен енгизиў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Сондай-ақ, фермер хожалықларына егислик атыз шетлерин тазалаў, техникаларды егиске таярлаў, шор жуўыў жумысларын өз ўақтында әмелге асырыў бойынша көрсетпелер берилип, бул жумысларды орынлаўда фермерлерге жаққыннан жәрдем бериў бойынша тараў басшыларына анық тапсырмалар берилди.
Илаж қатнасыўшылары насос агрегатлары ҳәм қуяш панельлери, олардың ислеў процесслери менен жақыннан танысты. Онда енгизилип атырған жаңа технологиялар ҳәм тараўда әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша мағлыўматлар берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги