Халықты исбилерменликке  тартыў, оларды қосымша дәрамат табыўға бағдарлаў бүгинги күнде ҳәким жәрдемшилериниң  тийкарғы ўазыйпасы есапланады. Беруний районы Хорезм МПЖ ҳәким жәрдемшиси Ж. Ералиев  тәрепинен аймақта исбилерменлик ислеў тилегин билдирген пуқараларға жеңилликли кредит алыўда жәрдемлер көрсетилип келинбекте. Мәҳәлле аймағындағы бос турған имаратта  таўық бағыўды жолға қойған Д.Атаниязова 15 млн сум кредит алып,  қусшылықты  раўажландырыўға үлес қоспақта. Нәтийжеде өзи ҳәм шаңарақ ағзаларын жумыс пенен бәнт етип, қосымша дәрамат табыўды баслады.

Сондай-ақ, өз үйиниң пайдаланбай бос турған бөлегинен автомобильлерге техникалық ҳәм сервис хызметин  көрсетиўди шөлкемлестирген Б.Қурбанбаевқа 33 млн сум кредит ажыратылды. Бул болса өнери арқалы исбилерменлик жумысын раўажландырыўға тийкар жаратады.

Өткен 2024-жылда мәҳәлледе шаңарақлық бағдарлама тийкарында 58 пуқараға 1 млрд 221 млн сум жеңилликли кредитлер берилген болса, 17 исбилерменге 1 млрд 700 млн сум гиреўсиз кредитлер, жәми 2 млрд 921 млн сумлық кредитлер ажыратылған.  Сондай-ақ, 18 пуқараға субсидия тийкарында әсбап-үскенелер берилген. Аймақтың социал-экономикалық жақтан раўажланыўын жәнеде көтериў ушын мәҳәлле жетилиги тәрепинен алып барылып атырған жумыслар өз нәтийжесин берип, быйылғы жылы да табысларға ерисилиўи  күтилмекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги