Беруний районының орайынан узақта жайласқан аймақларда пуқаралар ушын қолайлықлар жаратыў мақсетинде бир неше жойбарлар әмелге асырылмақта. Тийкарынан, Президентимиз тәрепинен исбилерменлерге жаратылған имканиятлардан орынлы пайдаланып, өзиниң исбилерменлик жумысларын баслап, халыққа хызмет етиўди мақсет еткен исбилерменлер саны көбеймекте.
Райондағы «Дослық» аўыл пуқаралар жыйынында исбилермен Сардар Қурамбаев заманагөй қолайлықларға ийе, халыққа хызмет көрсетиў орайын шөлкемлестирди. Исбилермен өз қаржысы есабынан шөлкемлестирген орайда жаңадан 10 жумыс орнын жаратып, жумыссыз пуқараларды жумыс пенен тәмийинледи.
Жақсы нийетлер менен жаңадан ашылып, пайдаланыўға тапсырылған орайдың ашылыў мәресиминде жасы үлкенлер ақ пәтиясын берип, халқымыздың жақсы күнлерине хызмет етиўин тиледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги