Малайзия пайтахты Куала-Лумпур қаласында футбол бойынша усы жылдың 3-20-апрель күнлери Саудия Арабстанында өткерилетуғын U-17 Азия кубогине шек таслаў мәресими болып өтти.

Оған бола, Өзбекстан сайланды командасы «А» топарынан орын алды. Бул топарда командамыз ағзалары Саудия Арабстаны, Таиланд ҳәм Қытайға қарсы гүрес алып барады.

Соны айтып өтиўимиз керек, бул турнир 17 жасқа шекемги футболшылар арасында Қатарда болып өтетуғын жәҳән чемпионатына таңлап алыў басқышы хызметин де атқарып, жарыстың ең күшли 8 командасы 2025-жылы өткерилетуғын жас өспиримлер арасындағы мундиалға қатнасыў ҳуқықын қолға киргизеди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы