Миллетлераралық татыўлық ҳәм кеңпейилликти тәмийинлеў елдиң тынышлығы ҳәм парахатшылығында әҳмийетли орын тутады. Бул бағдарда мәмлекетимизде миллетлераралық дослық орталықты ҳәм көп миллетли үлкен бирден-бир шаңарақ сезимин беккемлеў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт мәмлекетлер менен дослық қатнасықлары комитети мәмлекетимиздеги 157 миллий мәдений орай, сырт елдеги 98 ўатанласлар жәмийети менен бирге ислесип келмекте.
Мәмлекет аймағында жасайтуғын түрли миллет ҳәм халықлардың мәденияты, тили, үрп-әдети ҳәм дәстүрлерин сақлап қалыў, раўажландырыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында «Дослық үйлери» шөлкемлестирилди, миллий мәдений орайлардың жумысы материаллық қоллап-қуўатланды. Өзбекстандағы миллий мәдений орайлар сырт елдеги ўатанласлардың миллий дөретиўшилигин раўажландырыў, жаслар арасында илимий ҳәм мәдений қатнасықларды кеңейтиўге қаратылған түрли бағдарлар ҳәм семинарлар өткермекте.
Бул ҳаққында Нызамшылық палатасының Демократиялық институтлар ҳәм пуқаралық жәмийетин раўажландырыў мәселелери комитети тәрепинен өткерилген тыңлаўда айтып өтилди. Онда Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт мәмлекетлер менен дослық қатнасықлары комитетиниң «Миллий мәдений орайлар ҳәм сырт елдеги ўатанласлар менен алып барылып атырған жумыслар ҳаққында»ғы мәлимлемеси тыңланды.
Тыңлаўда депутатлар сырт елдеги ўатанласлар менен байланыслы жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў, миллий мәдений орайлар менен бирге ислесиў, дүнья көлеминде Өзбекстанның мәдений мийрасын танытыў бойынша бир қатар усыныслар берди.
М.Комилова, ӨзА