Сенат жалпы мәжилисинде мәмлекетимиз раўажланыўының бүгинги басқышындағы әҳмийетли ўазыйпалар, «Өзбекстан-2030» стратегиясындағы мақсетлерге итибар қаратылды.
Сенат Баслығы бул мәселеде пикир билдирип, Президентимиздиң парламент ағзалары менен ушырасыўларында берген көрсетпелеринен келип шығып, Сенаттың усы жылдың биринши ярымына мөлшерленген жумыс режеси қәлиплестирилгенин атап өтти.
– Жумысымыздың ең тийкарғы бағдарлары бойынша 100 ден артық илажлар ҳәм оларды әмелге асырыўдың анық механизмлери белгиленди,-деди Танзила Норбоева. – Бәринен бурын, жаңа Конституцияға муўапық, Сенаттың нызам дөретиўшилигиндеги роли ҳәм интакерлиги күшейтиледи. Жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик турмысқа байланыслы әҳмийетли мәселелерди шешиў бойынша нызамшылық усыныслары алға қойылады. Онда, экология, қоршаған орталықты қорғаў, климат өзгериўи, шаңарақ, халықтың саламатлығын сақлаў, балаларды зыянлы информациядан қорғаў, туризм, қурылыс тараўларын раўажландырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылады. Парламент қадағалаўы шеңберинде 50 ге шамалас әҳмийетли социаллық-экономикалық мәселелер бойынша үйрениў ҳәм таллаўлар өткериў режелестирилген.
Тийкарғы итибар аймақларға, яғный ўәлаят, район, қала, мәҳәллелерди социаллық-экономикалық раўажландырыў, инвестиция, исбилерменлик, кәмбағаллықты қысқартыў, бәнтлик (әсиресе, рәсмий емес бәнтликти қысқартыў), билимлендириў, медицина, социаллық қорғаў, инсан ҳуқықлары, коррупцияға қарсы гүресиў, сыртқы ҳәм ишки мийнет миграциясын тәртипке салыў менен байланыслы әҳмийетли мәселелерге қаратылады.
Онда, тек ғана қадағалаў менен шекленилмейтуғыны, үйрениўлер, таллаўлар арқалы тийкарланған усыныслар ислеп шығылыўы атап өтилди. Машқалаларды шешиўде министрлик, уйым ҳәм жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларына жәрдемлесип барылады.
Ҳәр бир аймақта биреўден жумысы үлгили жолға қойылатуғын район (қала)лық кеңес белгилеп алынды. Олардың тәжирийбеси тийкарында жылдың ақырына шекем барлық район (қала)лық кеңеслердиң жумысын үлгили шөлкемлестириў илажлары көриледи.
Улыўма алғанда, жергиликли кеңеслердиң жумысын 2030-жылға шекем раўажландырыў Концепциясы қабыл етиледи ҳәм бул бағдардағы барлық жумыслар усы ҳүжжетке сүйенген ҳалда системалы даўам еттириледи.
Әҳмийетли бағдарлардан бири болған халықаралық байланысларды және де жеделлестириў, парламентлераралық бирге ислесиў көлемин кеңейтиў бағдарында да 20 ға шамалас илаж белгилеп алынды.
Сенат Баслығы Парламентлераралық аўқамның 150-юбилей Ассамблеясы апрель айында елимизде өткерилиўи, бундай глобал көлемдеги илаж биринши мәрте өткерилиўин есапқа алып оны ҳәр тәреплеме жоқары дәрежеде өткериў ушын барлық зәрүр илажлар көрилип атырғанын айтып өтти. Жоқары дәрежеде ерисилген келисимлердиң орынланыўында парламенттиң белсене қатнасыўы ҳәм қадағалаўын тәмийинлеў бойынша сырт еллердиң нызам шығарыўшы уйымлары менен бирге ислесиў де избе-из даўам еттириледи. Еки тәреплеме бирге ислесиў байланысларын раўажландырыў, инвестицияларды тартыў, миллий өнимлер экспортының көлемин арттырыў ҳәм туризм жумысына жәрдемлесиў бағдарында мәмлекетимиздиң сырт еллердеги 36 дипломатиялық ўәкилхана басшысының есабатлары тыңланады.
Норгул Абдураимова,
Носир Ҳайдаров (сүўрет),
ӨзА