Кеселликлердиң алдын алыў илажлары даўам етпекте

Нөкис қалалық санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы бөлими тәрепинен қала аймағында жуқпалы кеселликлердиң алдын алыў ҳәм эпидемиологиялық илажлардың орынланыўын бақлаў жумыслары тастыйықланған ис жобаға тийкарланып алып барылмақта.
Нөкис қаласында басқарылатуғын инфекцияларға қарсы алдын-алыў иммунопрофилактикалық шаншыў жумыслары Қарақалпақстан Республикалық аймақлық перинатал Орайы ҳәм Нөкис қалалық медицина бирлеспеси туўыў бөлими ҳәм қалалық медицина бирлеспесине қараслы 10 шаңарақлық поликлиника ҳәм Қаратаў емлеўхана филиалы жәми 13 емлеў-профилактика мекемелери тәрепинен алып барылады.
Өткен жыл даўамында Қарақалпақстан Республикалық аймақлық перинатал Орайы ҳәм Нөкис қалалық медицина бирлеспеси туўыў бөлими тәрепинен 9208 туўылған балаларға вируслы гепатит “В”ға қарсы 9032 (98,1%), туберкулез кеселлигине қарсы БЦЖ вакцинасы менен 8870 (96,3%) балалар шаншылды.
2024-жыл даўамында қалалық медицина бирлеспесине қараслы 10 шаңарақлық поликлиника ҳәм Қаратаў емлеўхана филиалы тәрепинен полиомиелит кеселликлерине карсы вакцинасы (ОПВ) менен режедеги 26396 баладан 24596 (93,1%) бала, ротавирус кеселлигине қарсы вакцинасы (РОТА) менен режедеги 21435 баладан 21080 (98,3%) бала, көкжөтел, дифтерия, столбняк, вируслы гепатит В, ХИБ инфекциясына қарсы (ПЕНТА) вакцина менен режедеги 19901 баладан 19705 (99%), пневмакокк инфекциясына қарсы (ПНЕВМО) вакцина менен режедеги 21281 баладан 19705 (92,5%) бала, қызылша, эпид паротит, қызамық кеселликлерине қарсы (КПК) вакцинасы менен режедеги 11787 баладан 11593 (98,3%) бала, көкжөтел, дифтерия, столбняк кеселликлерине қарсы вакцинасы (АКДС) менен режедеги 6551 баладан 6441 (98,3%) бала, инактивленген полиомиелит вакцинасы (ИПВ) менен режедеги 14004 баладан 13867 (99%) бала, жатыр мойны раги кеселлигине қарсы (ВПЧ 1) вакцинасы менен режедеги 3153 баладан 3059 (97%) бала, (ВПЧ 2) вакцинасы менен режедеги 1642 баладан 1642 (100%) бала шаншылды.
Қарақалпақстан Республикасы санитария эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жамийет саламатлығы басқармасының 2023-жыл 7-декабрьдеги 8/3-3203 – санлы көрсетпе хаты талапларының орынланыўын тәмийнлеў мәқсетинде қызылша инфекциясына қарсы 6 айлық балалардан 7 жасқа шекемги балаларға ҳәм қызылша кеселлиги менен контактта болғанлар ушын 2024-жыл апрель айынан 27850 доза моновалент қызылша кеселлигине қарсы вакцина алынып, соннан 2024-жыл 30-август күнине шекем 24101 доза шаншылды.
Нөкис қаласы аймағында коронавируска қарсы шаншыў жумыслары бойынша бир қатар жумыслар алып барылды. 2021 жыл 1-апрель күнинен 2024-жыл 27-декабрь күни аралығында жәми – 658485 вакцина сарыпланды, соннан 1 тур бойынша – 183523 (87.8%), 2 тур бойынша – 132003 (64%), 3 тур бойынша –68452 (32,3%) пуқараларға шаншыў жумыслары өткерилди. Соннан Astra Zeneka вакцинасы менен – 21670, ZF-UZ-VAK 2001 вакцинасы менен – 320807, Sputnik V вакцинасы менен – 14611, Модерна вакцинасы менен – 81533, Пфайзер вакцинасы менен- 162506, СИНОВАК вакцинасы менен 18400, Спутник Лайт вакцинасы менен 1060, Жонсен-жонсен вакцинасы менен 32498 шаншыў илажлар өткерилди.
2024-жылдын 12 айы даўамында қала аймағында жуқпалы кеселликлерден иш сүзеги, паратиф «В», бруцеллез, қурөзек (дифтерия), менингит инфекциясы, қақсал (столбняк), ләң (полиемиелит), қызамық (краснуха) вируслы гепатит «Д», риккетсиозлар, Ку-ысытпасы, трихомоноз кеселликлери дизимге алынбады.
Халықтың саламатлығын тәмийинлеў мәмлекетлик сиясат дәрежесиндеги мәселе. Әсиресе, жуқпалы кеселликлер тарқалыўының алдын алыў оғада әҳмийетли. Бул бағдарда Нөкис қалалық санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы бөлими тәрепинен жыл даўамында жедел жумыслар алып барылады. Тийкарғы мақсет, кеселликлердиң алдын алыў болып табылады, – дейди Емлеў профилактикалық мәкемелерин бақлаў бөлиминиң баслығы З.Юлдашев.


Қарақалпақстан хабар агентлиги