Қытайлы инвесторлар менен табыслы ушырасыўлар

Алдын хабар бергенимиздей, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов басшылығындағы делегация ағзалары Қытай мәмлекетиниң ири компания ўәкиллери менен ушырасыўлар өткерди.
Сапар даўамында Хубэй провинциясының Ухан қаласында a “CSADI” Co., Ltd. (Central-South Architectural Design Institute) компаниясының жумысы менен жақыннан танысты ҳәм Нөкис қаласында 40 көп қабатлы турақ жай имаратларын қурыў бойынша сөйлесиўлер алып барды. Сондай-ақ, сөйлесиўлерде Хожели районында “Жаслар социаллық-экономикалық орайы”н шөлкемлестириў бойынша келисимге қол қойыўға келисип алынды.
Соның менен бир қатарда, делегациямыз ағзалары Шаньдун провинциясының Цзинань қаласында болып, түрли инвестициялық компания ҳәм шөлкемлер менен сөйлесиўлер алып барды. Атап айтқанда, “Shuifa Agriculture Group” Co.,Ltd компаниясы ўәкиллери менен ушырасыўда “Пахта санаатының көргизбе комплекси” жойбарын әмелге асырыўға байланыслы мәселелер додаланды. Сөйлесиўлер даўамында пахта санааты комплексин шөлкемлестириў бойынша келисимлерге қол қойылды.

Буннан соң Цзыбо қаласындағы Денсаўлықты сақлаў тараўында жоқары технологиялар орайы болған “Shıtsyao medicina orayı”на барды ҳәм ол жерде делегация ағзалары тийкарынан кем тәмийинленген шаңарақлар ушын диагноз қойыў арқалы кеселликлердиң алдын алыў (профилактика) бойынша жаратылған система менен танысты. Бул болса, өз гезегинде кеселликлердиң алдын алыў, дәри-дәрмақларға жумсалыўшы қәрежетлерди азайтыў имканиятын береди.
Делегациямыз ағзалары Юньнан провинциясында болып, көтере саўда ҳәм түрли товарларды жеткерип бериў менен шуғылланыўшы “Yiwu Basmalla” Co.Ltd” компаниясы, автомобильлер ушын комплектлеўши бөлеклер ҳәм шиналар ислеп шығарыўшы “Teng Long” Co. ltd компаниясының жумысы менен жақыннан танысты ҳәм Өзбекстан өнимлерин Дали қаласына жеткерип бериў, автомобильлер ушын аўысық бөлеклер ҳәм шиналарды Қарақалпақстанда ислеп шығарыўды өзлестириў мәселесин көрип шықты.
Сапардың гезектеги күни делегациямыз ағзаларының қатнасыўында Қытайдың 80 нен аслам ири компанияларының қатнасыўында бизнес форум шөлкемлестирилди. Ушырасыўларда саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиў, сондай-ақ, Қарақалпақстанда жаңа биргеликтеги инвестициялық жойбарларды жолға қойыў мәселелерине тоқтап өтилди.

Буннан соң Қытайдың 20 дан аслам компаниялары менен В2В сөйлесиўлери өткерилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги