Қәўипсизлик қағыйдалары түсиндирилди

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Коррупцияға қарсы Ишки қадағалаў бөлиминиң баслығы Батыр Матмуратов Әмиўдәрья районында болып, айрықша жағдайлардың алдын алыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысты.
Әмиўдәрья районы Айрықша жағдайлар бөлиминде район ҳәкими С. Хўжаметов, ҳәким орынбасарлары, бир қатар тийисли шөлкемлер ҳәм мәҳәллелер жуўапкерлериниң қатнасыўында гүзги-қысқы мәўсимнен зыянсыз өтиў, айрықша жағдайлардың, әсиресе, газ ийисинен зәҳәрлениўдиң алдын алыў, электр энергиясы, тәбийғый газден пайдаланыўда қәўипсизлик қағыйдаларына әмел етиў бойынша мәжилис болып өтти.
Онда айрықша жағдайлардың алдын алыў, өрт қәўипсизлигин тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылыўы керек болған әҳмийетли ўазыйпалар ҳаққында сөз етилди. Мәҳәллелердиң жуўапкерлери тәрепинен шаңарақларға үйме-үй кирген ҳалда ысытыў қурылмаларынан дурыс пайдаланыў, морыларды тазалаў, зәҳәрли газ ийисиниң инсан өмири ушын қәўипли екенин бойынша түсиндириў, үгит-нәсиятлаў жумысларын және де күшейтиў кереклиги атап өтилди. Илажда зәҳәрли ийис газинен зәҳәрлениўге алып келетуғын себеплер ҳәм ақыбетлер ҳаққында сөз етилди.

Илаж даўамында мәҳәллелердеги халықтың турақ жайлары көзден өткерилип, тийисли тапсырмалар берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги