Сырт ел баспасөзи Өзбекстан ҳаққында

Жақында Саудия Арабстаны Патшалығының «Ан-Наҳар» басылымы ӨзАның хабаршысы Муҳарамма Пирматованың «Өзбекстанда 2025-жыл – Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл» экономика жылы» темасындағы мақаласын басып шығарды.
Мақалада Президентимиз 2025-жылды елимизде «Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл» экономика жылы» деп атағаны Жаңа Өзбекстанда ана тәбиятты сақлаў ҳәм экологиялық турақлылықты тәмийинлеўге қаратылып атырған жоқары итибардың әмелдеги және бир көриниси болғаны атап өтилген.
Сондай-ақ, усы жылы әмелге асырылатуғын тийкарғы ўазыйпаларды өз ишине қамтып алған әҳмийетли ҳүжжет – «Өзбекстан-2030» стратегиясын «Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл» экономика жылы»нда әмелге асырыў бойынша Мәмлекетлик бағдарлама ҳәм оны тастыйықлаў ҳаққындағы пәрман жойбары бойынша ҳәзирги күнлерде кең жәмийетшиликтиң додалаўы болып атырғанына итибар қаратылған.
Автор Мәмлекетлик бағдарлама жойбары «Өзбекстан-2030» стратегиясында нәзерде тутылған ўазыйпалар тийкарында ислеп шығылғанына итибар қаратқан.
2025-жылдың Мәмлекетлик бағдарламасы жойбарында 295 әмелий илаж, 87 нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбары, сондай-ақ, 269 мақсетли көрсеткишлер нәзерде тутылғаны, сондай-ақ, ҳүжжет пенен қоршаған орталықты қорғаў бағдарында министрлик ҳәм уйымлар тәрепинен биринши гезекте әмелге асырылыўы зәрүр болған илажлар, қоршаған орталықты қорғаў бойынша халықаралық бирге ислесиў бағдарында ўазыйпаларды әмелге асырыў режеси ҳәм «Жасыл туризм» бағдарламасын әмелге асырыў илажларының режеси тастыйықланыўы күтилип атырғанын атап өткен.
ӨзА