Сенат Баслығы : Экономиканы климат өзгериўине бейимлестириў зәрүр

Сенаттың жалпы мәжилиси өз жумысы даўам еттирмекте. Мәжилисти кирис сөзи менен ашқан Сенат Баслығы Танзила Норбоева өткен жыл мәмлекетимиз ушын табыслы жыл болғанын атап өтти.
Президентимиздиң басшылығындағы системалы реформалар арқалы жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик турмыстың барлық тараўларында турақлы раўажланыў пәтлери тәмийинленип, үлкен нәтийжелер қолға киргизилди.

-Быйылғы жылы да үлкен шеклер алғанбыз, – деди Т.Норбоева. – «Өзбекстан – 2030» стратегиясын «Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл» экономика жылы»нда әмелге асырыў бойынша мәмлекетлик бағдарламада быйылғы жылдағы мақсет ҳәм ўазыйпаларымыз анық көринген. 2025-жылы мәмлекеттиң раўажланыўының тийкарғы процесслери белгиленди. Булар – мәҳәлле, көшелерде жасыллық дәрежесин арттырыў, экологиялық жақтан қолайлы ҳәм абадан жасаў орталығын қәлиплестириў, халықтың саламатлығын жақсылаў, экологиялық турмыс тәризин қәлиплестириў, тәбийғый ресурсларды үнемлеў ҳәм олардан ақылға урғас пайдаланыў, экологиялық турақлылықты тәмийинлеў, өсимлик ҳәм хайўанат дүньясын сақлаў, көбейтиў ҳәм кейинги әўладқа жеткериў. Соның менен бирге, «жасыл экономика» принциплерин кеңнен енгизиў, экономиканы климат өзгериўине бейимлестириў, республика энергобалансында қайта тиклениўши энергияның үлесин арттырыў, экономика тармақлары ҳәм социаллық тараўда заманагөй энергоүнемлеўши технологияларды кеңнен қолланыў, экологиялық турақлылыққа бағдарланған аймақлар ҳәм тармақлараралық муўапықластырыўды тәмийинлеўге итибар күшейтиледи.

Белгиленген ҳәр бир мақсет ҳәм ўазыйпа Глобал Турақлы раўажланыў мақсетлери (ТРМ) менен теңдей екенин айрықша атап өтиў зәрүр.
– Мәмлекетлик бағдарлама жойбары еки ҳәпте даўамында кең жәмийетшилик, соның ишинде, Сенат комитетлеринде де додаланды. Бир қатар әҳмийетли усыныслар билдирилди. Енди Бағдарламаға қол қойылыўы менен оның орынланыўында ҳәммемиз – парламент, ҳүкимет, жергиликли кеңеслер бир болып ҳәрекет етиўимиз, белгиленген ҳәр бир ўазыйпа сөзсиз, өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўын тәмийинлеўимиз зәрүр, – деди Сенат Баслығы.
Норгул Абдураимова,
Носир Ҳайдаров (сүўрет),
ӨзА