Онкологиялық хызмет көрсетиўдиң жаңа басқышына қарай: миллий режениң басланыўы

Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми тәрепинен Ракқа қарсы гүресиў миллий режесин ислеп шығыўға бағышланған «Өзбекстан онкологиялық хызмет көрсетиўдиң жаңа басқышына қарай: миллий режениң басланыўы» бойынша мәжилис өткерилди.
Онда елимиз ўәкиллери ҳәм ЖДСШ экспертлери қатнасып, Ракқа қарсы гүресиў миллий режесин ислеп шығыў мәселелери, бул бағдардағы халықаралық тәжирийбе, раўажланған мәмлекетлердиң жетискенликлери ҳәм кемшиликлери додаланды. Мәмлекетимизде рак кеселлигин ерте анықлаў ҳәм нәтийжели емлеў илажларын көриў-тараў ўәкиллериниң итибар орайында екенин айтып өтиўимиз керек. 2030-жылға шекем 30-69 жастағы халық арасында онкологиялық кеселликлерди профилактикалық тексериўлер арқалы ерте басқышта анықлап, 5 жыллық өмир даўамлығы көрсеткишлерин 2 есеге арттырыў, 1-жылға шекем өлим дәрежесин 2 есеге азайтыў, онкологиялық кеселликке шатылған наўқасларды емлеўге толық қамтып алыў мақсет етилген. Сондай-ақ, мәмлекетимиз басшысының тийисли қарарына тийкарланып 2025-2030-жылларда Жатыр мойны ҳәм көкирек бези рагин қадағалаў мәмлекетлик бағдарламасы әмелге асырылыўы нәзерде тутылған.

Илажда атап өтилиўинше, Өзбекстан рак кеселлигине қарсы гүресиўде әҳмийетли қәдемлер тасламақта. Оған байланыслы миллий реже болса ерисилген нәтийжелерди беккемлеў ушын тийкар болады.
Тийкарғы мақсет кеселиктиң профилактикасы, оны ерте анықлаў, емлеў, реабилитациялаў ҳәм паллиавитлик жәрдемди өз ўақтында шөлкемлестириў ҳәм онкологиялық паталогиялар регистрин жүргизиў арқалы халықтың саламатлығын қорғаў, наўқасланыў ҳәм өлим дәрежесин төменлетиў ҳәм наўқаслардың өмирин жақсылаўға ерисиў, делинеди ДСМ баспасөз хызмети хабарында.
Халықаралық экспертлер елимизде бул тараўдағы жетискенликлер ҳәм талапларды баҳалап, бул бағдардағы жумысларды турақлы әмелге асырыў бойынша усынысларын берди.
ӨзА