Өзбекстан-ЕТРБ: өз-ара бирге ислесиў перспективаларын белгилеп алды

Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – Экономика ҳәм қаржы министри Жамшид Қўчқоров ҳәм Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банкиниң (ЕТРБ) қаржы институтлары бойынша басқарыўшы директоры Франсис Малиж басшылығындағы делегация ўәкиллери арасында ушырасыў болып өтти.
Онда тәреплер өз-ара бирге ислесиў нәтийжелери ҳәм гезектеги режелер ҳаққында сөйлести. Атап айтқанда, онда өткен дәўирде биргеликте әмелге асырылған жойбарлар ҳәм олардың нәтийжелери, келешектеги бирге ислесиў бағдарлары, сондай-ақ, Өзбекстанда экономикалық турақлылық ҳәм социаллық абаданлықты арттырыўға қаратылған тийкарғы басламаларды додалаўға итибар қаратылды.

Сөйлесиў ўақтында мәмлекет қатнасыўындағы банклерди меншиклестириў процесслерин жеделлестириў, жеке меншик секторды қоллап-қуўатлаў, мәмлекетлик кәрханаларды раўажландырыў ҳәм трансформациялаў сыяқлы бағдарлар додаланды. Сондай-ақ, билимлендириў тараўында мектеплер ҳәм студентлер жатақханаларын шөлкемлестириў жойбарлары, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында әмелге асырылып атырған басламалар ҳаққында пикир алысылды.

«Жасыл» өсиўди тәмийинлеў, соның ишинде, энергия нәтийжелилигин арттырыў ҳәм «жасыл» технологияларды кеңнен енгизиў, киши ҳәм орта исбилерменликти раўажландырыў ҳәм және де қоллап-қуўатлаў, атап айтқанда, ҳаял-қызлар ҳәм жас исбилерменлер ушын қаржы хызметлериниң қолайлығын арттырыў мәселелери де тәреплердиң дыққат орайында болды.
Сөйлесиўлерде ыссылық тәмийнаты, «жасыл» ҳәм инновациялық технологиялар, суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў сыяқлы мәселелерге айрықша тоқтап өтилди.
Ушырасыў соңында тәреплер өз-ара бирге ислесиў перспективаларын белгилеп алды.
Н.Зиёдуллаева, ӨзА