Сенаттың үшинши жалпы мәжилиси өз жумысын баслады

181

Бүгин, 2025-жыл 23-январь  күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының үшинши жалпы мәжилиси өз жумысын баслады.

Онда Сенат ҳәм ҳүкимет ағзалары, министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнаспақта.

Сенат Баслығы Танзила Норбоева басқарып атырған мәжилис видеоконференцбайланыс  системасынан пайдаланған ҳалда өткерилмекте. Мәжилис процесслери Сенаттың YouTube тармағындағы рәсмий бети арқалы онлайн сәўлелендирилмекте.

Мәжилисте «Инвестициялар ҳәм инвестиция жумысы ҳаққында»ғы, «Азық-аўқат қәўипсизлиги ҳаққында»ғы, «Микроқаржыландырыў жумысын жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине қосымшалар менен өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы ҳәм «Банклердеги аманатларды қорғаў кепиликлери ҳаққында»ғы нызамлар додаланады.

Соның менен бирге, «Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў системасының жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине  өзгерислер менен қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы ҳәм «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамына қосымшалар менен өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызамлар да көрип шығылады.

Сондай-ақ, сенаторлар жанлы атқарыў көркем өнерин және де раўажландырыў, жас өспиримлер арасында ҳуқықбузарлықлар  профилактикасы системасын жетилистириў, шахстың  ҳуқықлары менен еркинликлерин исенимли қорғаў кепилликлерин және де  күшейтиў  ҳәм алкоголь ҳәм темеки базарын тәртипке салыў системасын жетилистириўге қаратылған бир қатар нызамларды да көрип шығыўды режелестирген.

Буннан тысқары, «Экологиялық экспертиза, қоршаған-орталыққа тәсирди баҳалаў ҳәм стратегиялық экологиялық баҳалаў ҳаққында»ғы, «Өзбекстан Республикасының Мийнет кодексине өзгерислер менен қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы, «Өзбекстан Республикасының  «Өзбекстан Республикасында хызмет көрсеткен эколог» ҳүрметли атағын енгизиў ҳаққында»ғы, «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер менен қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы ҳәм «Өзбекстан Республикасы пуқараларын, сырт ел пуқараларын ҳәм пуқаралығы болмаған шахсларды жасаў орны ҳәм турған  орны бойынша дизимнен өткериў ҳаққында»ғы нызамлар да жалпы мәжилис күн тәртибинен орын алған.

«Өзбекстан Республикасы менен Тәжикстан Республикасы арасында аўқамласлық қатнасықлары ҳаққындағы Шәртнаманы (Душанбе, 2024-жыл, 18-апрель) ратификациялаў ҳаққында»ғы, «Ыссыхана газлериниң шығарылыўын шеклеў ҳаққында»ғы нызамлар ҳәм Сенат кенгашиниң қарарларын тастыйықлаў ҳаққындағы мәселе де көрип шығылады.

Жалпы мәжилисте додаланатуғын барлық мәселелерди толық сәўлелендирип барамыз. Бизди бақлап барың!

Н.Абдураимова,

Н. Ҳайдаров (сүўрет), ӨзА