Беруний районында депутатлар ушын оқыў-семинар шөлкемлестирилди

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен тастыйықланған режеге тийкарланып Халық депутатлары Беруний районлық Кеңеси депутатлары ушын оқыў-семинар шөлкемлестирилди.
Оқыў-семинарын Халық депутатлары Беруний районлық Кеңеси секретариятының баслығы Б.Сейтимов алып барды. Депутатлар тәрепинен 5 жыл даўамында әмелге асырылыўы керек болған ўазыйпалар белгилеп алынды.
Семинарда Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң баслығы Х.Ешимбетов, Исбилерменлер ҳәрекети Өзбекстан Либерал демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслығының орынбасары Б.Адилчаев, Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси баслығының орынбасары А.Ўринбаев, Өзбекстан “Адолат” социаллық-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси баслығының орынбасары Р.Отарбаев ҳәм Халық депутатлары Беруний районлық Кеңеси депутатлары, районның сиясий партиялар ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Оқыў-семинарында 2025-жыл даўамында әмелге асырылатуғын жумыслар, орынларда халық пенен ушырасыўлар, депутатлық сораўлар ҳәм бул жумысларды мәнзилли, системалы шөлкемлестириў ўазыйпалары белгиленди. Сондай-ақ, халықтың ўәкили болған депутатлардың жумысын ҒХҚ да сәўлелендириў, мүрәжатлерди орынларға барып үйрениў сыяқлы мәселелер ҳаққында сөз етилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги