Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларының илимий тийкарланғанлығы үйрениледи

«Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларының илимий тийкарланғанлық дәрежесин арттырыў илажлары ҳаққында»ғы Ҳүкимет қарары қабыл етилди.
Қарарға бола, нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарлары төмендегише илимий экспертизадан өткериледи:
– нызам жойбарлары бойынша – тийисли тараўдағы мәмлекетлик экспертлик илимий-изертлеў мәкемелери тәрепинен еркин тийкарда;
– нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлердиң жойбарлары бойынша – тийисли тараўдағы мәмлекетлик экспертлик илимий-изертлеў мәкемелери ҳәм мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелери тәрепинен келисим тийкарда.
Онда, нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбарын илимий экспертизадан өткериў нәтийжелери бойынша жуўмақ усыныслық өзгешеликке ийе болып, жуўмақлаўшы жойбарды ислеп шығыўшы шөлкем тәрепинен көрип шығылады.
Жойбарды ислеп шығыўшы шөлкем илимий экспертиза жуўмағында көрсетилген, келиспеўшиликлер ҳәм пикир-усыныслар ямаса олардың бир бөлегин инабатқа алмаған жағдайда олар бойынша тийисли түсиниклер берилген ҳалда келиспеўшиликлер кестесин таярлайды.
Әдиллик министрлиги тәрепинен Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларын ислеп шығыў ҳәм келисиўдиң бирден-бир электрон системасында нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларын илимий экспертизадан өткериўши тийисли мәкемелер ҳәм мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелериниң электрон реестри алып барылады.
Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларының илимий экспертизасының нәтийжелери бойынша Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларын ислеп шығыў ҳәм келисиўдиң бирден-бир электрон системасы арқалы жуўмақ бериледи.
ӨзА