Аўыл хожалығындағы алдағы ўазыйпалар белгилеп алынды

205

Кегейли районында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Аграр,суў хожалығы, тәбиятты қорғаў ҳәм экология мәселелери бойынша комитети баслығы А. Жуманазаров ҳәм район ҳәкими А.Камаловтың басшылығында аўыл хожалығы тараўы жуўапкерлери ҳәм фермер хожалықлары басшыларының қатнасыўында ушырасыў өткерилди.

Ушырасыўда Өзбекстан Республикасы Президентиниң елимизде, соның ишинде Қарақалпақстанда аўыл хожалығы тараўын раўажландырыў ҳәм дийқан-фермерлерди қоллап-қуўатлаў бойынша қабыл етилген пәрман ҳәм қарарларында көрсетилген жеңилликлер атап өтилди.

Сондай-ақ, фермер хожалықларына егислик майданлардың шетлерин тазалаў, техникаларды егиске таярлаў, шор жуўыў жумысларын өз ўақтында әмелге асырыў бойынша көрсетпелер берилип, бул жумысларды орынлаўда фермерлерге жақыннан жәрдем бериў мақсетинде тараў басшыларына анық тапсырмалар берилди.

Илажда фермерлер тәрепинен тараў басшыларына бир қатар сораўлар берилип, оларға жуўап алды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы