Жаслардың пикир-усыныслары тыңланды

Наўайы мәмлекетлик кәншилик ҳәм технологиялар университети жанындағы Нөкис кәншилик институтында «Директор ҳәм жаслар» ушырасыўы болып өтти.
Илажға институт басшылары, жаслар аўқамы жетекшиси, белсенди студентлер ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Ушырасыўды институт директоры А.Каипбергенов кирис сөз бенен ашып, соңғы жыллары елимизде Президентимиздиң басшылығында билимлендириў тараўында жүргизилип атырған реформалар, жасларға жаратылған мүмкиншиликлерге тоқтап өтип, буның айқын мысалын Нөкис кәншилик институты турмысында көриўге болатуғынлығын көрсетип өтти.
Атап айтқанда, Президентимиздиң арнаўлы пәрманы тийкарында қарақалпақстанлы жасларға жоқары оқыў орынларына кириў ушын берилген квоталар ҳәм сырт еллерде оқып атырған жаслардың оқыўын мәмлекетимиздеги жоқары оқыў орынларына көшириў ушын берилген жеңилликлер, соның менен бирге, жаслардың кәсип-өнер үйрениўи, исбилерменлик пенен шуғылланыўы, илимий-изертлеў жумысларын алып барыўы ушын жаратылып атырған шараятлардың әҳмийетине тоқтап өтти.

Ашық сәўбетлесиўде студентлер тәрепинен жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў мақсетинде, китапқумарлық, интеллектуаллық таңлаўлар, спорт жарысларын көбирек өткериў, шет тиллерин үйрениў ушын курслар шөлкемлестириў, жасларды заманагөй кәсиплерге оқытыў бойынша пикир-усыныслар билдирилди ҳәм бул мәселелер институт дирекциясы тәрепинен үйренилип, тез арада шешилетуғынлығы атап өтилди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы