Жумысшы топар ағзасы Тахтакөпирли турғынлар менен ушырасты

Халықтың машқалаларын үйрениў ҳәм шешиў, жумыссызлық ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў, таңлап алынған мәҳәллелерде «Абат шаңарақ-абат көше-абат мәҳәлле» нормаларын енгизиў, кәмбағаллықтан абадан турмысқа қарай бағдарламасы тийкарында әмелге асырылып атырған жумысларды үйрениў мақсетинде, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы тәрепинен дүзилген арнаўлы жумысшы топар ўәкили Б.Саидкосимов Тахтакөпир районында болып, район ҳәкими Ж.Адилов ҳәм районлық Халық қабыллаўханасы баслығы А.Джуманиязовлар аймақ турғынлары менен жеке қабыллаўын өткерди.
Қабыллаў даўамында пуқаралардың бәнтлик, турақ жайын оңлаў, материаллық ҳәм медициналық жәрдем, ишки жол ҳәм басқа да түрли турмыслық машқалалары бойынша мүрәжатлери тыңланды.

Билдирилген мүрәжатлердиң айырымлары сол жердиң өзинде шешимин таўып, үйренип шығылыўы ушын ўақыт талап ететуғын мәселелер бойынша жуўапкер қәнигелерге тапсырмалар берилди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы