Ишки жолларда қолайлықлар жаратылмақта

Мәмлекетимизде жол инфраструктурасын жақсылаў бойынша алып барылып атырған кең көлемли жумыслар шеңберинде ишки жоллар да итабардан шетте қалып атырғаны жоқ. Атап айтқанда, Республикамыз аймағында өткен 2024-жыл даўамында 905 км ден аслам ишки жолларға қум-шағыл тас араласпасы төселип, халықтың жоллардан пайдаланыўында қолайлы имканиятлар жаратылды. Бул көрсеткиш Шымбай районы аймағында 63.9 километрди қурап, усындай ийгиликли жумыслар бүгинги күнде де даўам етпекте. Атап айтқанда, районның Көкши қала МПЖ аймағындағы Ж.Қаракулов көшесиниң 820 метр бөлегине қум- шағыл тас араласпасы төселмекте. Бул жумысларға 6 дана арнаўлы техника, 5 жумысшы қатнасып, халқымыздың алысын жақын, аўырын жеңил етиў ушын хызмет етпекте.



Қарақалпақстан хабар агентлиги