Итибарға алатуғын әҳмийетли мәселелер  атап өтилди

263

Хожели районында  аўыл хожалығы тараўына байланыслы көргизбели семинар болып өтти.

Оған, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының Аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары  Ш.Тешаев, район ҳәкими Ж.Ермашев ҳәм тараў жуўапкерлери қатнасты. Сөзге шыққанлар Президентимиздиӊ 2024-жыл 30-декабрдеги  “Аўыл хожалығы майданларындағы қосымша имканиятлардан пайдаланған ҳалда өним жетистириўди көбейтиўге байланыслы илажлар ҳаққында”ғы  қарары талапларыныӊ орынланыўы бойынша кең түрде тоқтап өтти.

Атап айтқанда, атыз шетлерине, каналлар, коллектор-дренаж тармақлары әтирапындағы майданларға экспортқа қолайлы егинлерди егиў ўазыйпа етип белгиленип алынды. Сондай-ақ, қарар талаплары тийкарында атыз шетлерине ҳәр жылы 1-апрельге шекем егинлер егилмеген ҳәм жыл даўамында өним жетистирилмеген жағдайлар анықланса барлық егислик майданына үш есе салық есапланатуғынлығы, дала шетлерин екилемши ижараға алған ижарашыларға Агроинспекция тәрепинен базалық есаплаў муғдарының  10 есесине шекем жәрийма қолланылатуғыны  ҳәм аўыл хожалығы тараўына ажыратылған жеңиллетилген кредитлер тоқтатылғанлығы қатаң түрде түсиндирилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги