Достымның соңғы хаты

(дебдиў)
Хожанияз бенен қәдирдан дос едик. Бир-биримизди жақсы түсингенбиз. Ол ҳаққында «Қарақалпақстан жаслары» газетасының 2023-жыл, 28-сентябрьдеги санында «Анық мақсетине ерискен спортшы» атамасында мақалам жәрияланған еди. Сонда қуўанғанын айтпайсыз ба?! Ол жеңил атлетиканың ядро ылақтырыў түри менен шуғылланып келди. Нөкис олимпиада ҳәм паралимпия спорт түрлерине таярлаў орайында тәлим алды. Билимин еле де тереңлестириў ушын өткен жылы Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалының студенти болды. Грант тийкарында оқып атыр еди. Хожанияз жигирма жасында ойламағанда қолынан айрылады.
Түскинликтен шығыў ушын көп ҳәрекет етти. Достымыз Хожанияз Ерниязов Өзбекстан Майыплар Ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлимине компьютер қәнигеси болып жумысқа кирди. Ол бос ўақытларын спортқа, басқа да жақсы ислерге бағышлады. Мийнетиниң арқасында Нөкис қаласы бөлимшеси баслығы дәрежесине жетисти. 2024-жыл 24-декабрь күни достымызды жоғалттық. Оның соңғы хаты қолымызға келип түсти. Келиншеги хатты Майыплар Ассоциациясы директорына берген екен.
Достымның соңғы хатын сизлерге де усынып отырман.
Билесиз бе, мен базыбир адамлардан қапаман. Саў-саламат бола тура мобиль телефонды алып, жумсақ диванда шалқайып жатады. Китап оқыўдың не екенин де билмейди. Зымырап өтип атырған ўақыттың ғәниймет екенин сезинбейди.
Достым мысалында көп нәрселерди айтқым келеди.
Париж қаласында болып өткен 2024-жыл XVII паралимпия ойынларына қатнасаман деп таярлық көрген еди. Бирақ, оған қатнасыў несип етпеди. Оның соңғы жазғанларын оқып көриң. Оның жайлары жәннеттен болғай.
ҚӘЛБИМДЕГИ ГӘПЛЕР
Ассалаўма әлейкум, мениң пикиримдеги сырласларым!
Мениң айтажақларым көп. Оларды жеткерип бере алмасам керек. Өзим басып өткен жолларға нәзер салсам шоршып кетемен. Әкемнен ажырасып кеткен анам бизлерди баға алмады. Әкемиздиң қолында қалдық. Кемпир апамыз қарады. Әкемиз уллы болды, бәримиз жасаған үйде ҳаялы, улы менен жасап атыр. Анам екеўи салған үйде енди бизлер артықшамыз.
Сол ўақытлары анамның ишинен нелер өткенлерин өзи ғана биледи. Бизлер болса ырыл-тырыл жасадық. Шаңарақ болғанларымызды сорлы анам көре алмады. Басымнан сыйпалайтуғын ата-анам жоқ. Күн-көрис ушын шет елге барып, жумыс иследим. Ол жақта жумысқа үйренип, ислеп атырғанымда бир қолымнан бахытсыз ҳәдийсе себепли ажыралып қалдым. Және қыйын күнлер басланды. Бир мүшеден айрылыўдың азабын басына түскенлер ғана биледи. Үйлендим. Келиншегим мени түсинетуғын, кеўлиме қарайтуғын жақсы инсан. Сол жағына шын кеўилден қуўандым. Бир перзентли болдым.
Мени өз сынақларында қыйнаған тәғдирим және ойламағанда қара күнлерге қарай жетеледи. Қолымнан айрылғанда көп қан жоғалтқаныма ма яки көп қыйыншылықлар көрип, қыйналған қәлбим шаршады ма қан кеселлигине жолықтым.
Дәслеп бул ҳаққында еситкенимде аспан төңкерилип, басыма түскендей болды. Өмиримниң буншелли қысқа екенин билип жасаўдың азабын сизлерге сөз бенен жеткере алмайман.
Көз жасларымды, қәлбимде жыйнала берип таў болған дәртлеримди жақынларыма көрсете алмайман. Аўырыў мени кем-кем өз қысымына алды. Өмиримниң соңғы демлерин жасап атырып, қудайдан бир тилек тилеймен. Келиншегим, даўамшым жалғыз перзентим, еки туўысқанымның өмири узын болсын. Мениң жасай алмаған жасларымды оларға бөлип берсин. Өмирде жасай бериўиң мүмкин. Бирақ, қыйналмасын. Дәрт адамды түбинде кеселликке қарай жақынластырады екен.
Билесиз бе адамлар, еле отызға да толмадым. Еки жыл бар (1996-жыл Шымбай районында туўылдым). Жүрегимниң соғысы тоқтайды. Киятырған 2025-жылды күтип ала алмайман. Ҳәр жылы саат 12 болыўын асығып күткен болсам, оған быйыл жете алмайман.
Ҳәй, инсанлар аз ғана берилген өмирде бир-биреўимиздиң зейнимизге тиймей, сыйласық пенен жасаң. Үлкенлерди сыйлаң. Ҳәммеңизге денсаўлық, аўызбиршилик тилеўши сизлердиң достыңыз Хожанияз.
Саламат АВЕЗОВ, Нөкис қаласы