Сатыўшы өнимди өз ўақтында жеткерип бермесе, пеня төлейди

Ҳәзирги күнде алды-сатты қатнасықларында тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаўды тәмийинлеў ушын қосымша шараятлар жаратыў зәрүрлиги пайда болмақта. Себеби санлы платформалар арқалы онлайн саўда қатнасықларының кеңейип атырғаны қолайлық жаратыў менен бирге айырым жағдайларда тутыныўшылардың ҳуқықлары бузылыўына да алып келмекте.
Бәсекини раўажландырыў ҳәм тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў комитетине 2024-жыл даўамында келип түскен 30 мыңнан артық мүрәжатлердиң 35 проценттен асламы алды-сатты қатнасықларына байланыслы. Атап айтқанда, санлы платформалар арқалы алды-сатты шәртнамасына муўапық сатыўшы шәртлесилген мүддетте өним (автомобиль, буйыртпа берилген азық-аўқат, турмыслық техника ҳәм мебель өнимлерин ҳәм басқа) жеткерип бериў миннетлемелерин орынламағаны ямаса керекли дәрежеде орынламағаны ҳаққында 1,5 мыңға шамалас мүрәжат келип түскен.
Шәртнамаларда сатыўшы тәрепинен өнимди жеткерип бериў мүддетлерин бузғаны ушын пеня көпшилик жағдайларда белгиленбеген. Өнимди ислеп шығарыў ҳәм сатыў бойынша миннетлемелерди орынламағаны ушын әмелдеги нызамшылықта бослықлар бар. Бул болса тутыныўшылардың ҳуқықларын толық қорғаў имканиятын шеклейди.

Парламент төменги палатасының мәжилисинде «Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына қосымша киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбары биринши оқыўда көрип шығылды.
Бәсекини раўажландырыў ҳәм тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў комитети баслығының орынбасары Фаррух Қорабоев жойбардың зәрүрлиги ҳаққында мағлыўмат берип, онда белгиленип атырған нормаларға тоқтап өтти:
– Бул нызам жойбары менен сатыўшы тутыныўшыға шәртнамада көрсетилген мүддетлерде товарды тапсырмаған жағдайда миннетлемениң орынланбаған бөлегине пеня төлеўи нәзерде тутылмақта. Онда пеняның улыўмалық суммасы жеткерип берилмеген товар баҳасының 100 процентинен артып кетпеслиги, пеняны төлеў шәртнама миннетлемелерин бузған тәрепти товарларды жеткерип бериў мүддетлерин кешиктирип жибериў, толық жеткерип бермеў ақыбетинде жеткерилген зыянды қаплаўдан азат етилмейтуғыны белгиленбекте.
Соның менен бирге, сатыўшы товарларды тутыныўшыға тапсырыўдың кешигиўи тутыныўшының айыбы менен жүз бергенлигин дәлиллесе, пеня төлеўде азат етилиўи нәзерде тутылмақта. Нызам жойбарының қабыл етилиўи халықтың тутыныўшы сыпатындағы ҳуқықларын қорғаў ҳәм алды-сатты шәртнамасына муўапық сатыўшы шәртлесилген мүддетте ямаса мүддетлерде товарларды тутыныўшыға тапсырмаў сыяқлы жағдайлардың алдын алыўға хызмет етеди,-деди жуўапкер.
Мәжилисте көтерилген сораўларға тийисли жуўаплар берилип, нызам жойбары биринши оқыўда қабыл етилди.
Муҳатарама Комилова, ӨзА