Мәҳәлле банкирлери ҳәр бир шаңараққа таяр жойбарлар ямаса бизнес режелер усынады

385

Халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша 2025-жылға үлкен мақсет қойылған. Яғный,  5 миллионнан зыят инсанды дәраматлы етиў режелестирилген. Есап-санақларға қарағанда, 3 миллион 600 мың адамның бәнтлиги банклер жәрдеминде тәмийинленеди.

Усы мақсетте мәмлекетимиз басшысы өзине тән, улыўма жаңаша қатнасларды жолға қойды. Усы жылдың 3-январында  мәмлекетимиз басшысына банклердиң қатнасыўында мәҳәллелерде халықтың бәнлигин тәмийинлеў ҳәм дәраматлы етиў илажлары бойынша мәлимлеме берилди.

Атап өтилиўинше, 208 район ҳәм қалалардың ҳәкимлери және банклердиң басшылары тәрепинен халықтың дәраматын арттырыў бойынша бирге ислесиў шәртанамаларына қол қойылды. Ҳәр бир мәҳәлле бойынша мақсетли көрсеткишлер белгиленди. Жойбар өндирис, кредит ажыратыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша районлық банк басшысына айма-ай нәтийжелилик көрсеткиши қойылды. Енди Орайлық банк баслығы ҳәм оның орынбасарлары аймақларға шығып, орынлардағы банк филиалларының мәҳәллелердеги жумысын жаңаша қатнас тийкарында шөлкемлестиреди.

Демек, быйыл да улыўма миллий ҳәрекет избе-из даўам еттириледи. Адамларды жумыслы ҳәм дәраматлы етиў сиясаты және де жоқары тезликте, буннан былай да нәтийжели шешимлер арқалы халықтың арасына терең кирип барады. Районлық банклердиң филиалларында «мәҳәлле кесиминде» ислесиў бөлимлери шөлкемлестирилип, оларға мәҳәлле банкирлери тайынланады. Итибар берсеңиз, бул бағдарда жаңа система пайда болып атыр. «Мәҳәлле банкирлери» ҳәм «Мәҳәлле жойбары».

Хош, «Мәҳәлле банкирлери» қандай система?

Мәҳәлле банкирлери банклердиң ең төменги буўыны болып табылады. Яғный, мәҳәлле дәрежесине түсип, адамлардың дәраматын арттыратуғын система. Мәҳәлле банкирлериниң ең үлкен ўазыйпасы мәҳәллениң бизнес имканиятларын үйренип, адамлардың идеяларын жойбарларға айландырыў болып табылады. Мәҳәлле банкирлери «үй кесиминде» ислеп, ҳәр бир шаңараққа таяр жойбарлар ямаса бизнес режелер усынады. Жойбардың барлық избе-излигинде – кредит алыў, бизнес ашыў, өним сатыў процесслеринде халық пенен бирге ислесиледи.

Әпиўайы етип айтқанда, нольден дәраматқа киргенге шекем бул жойбарды қоллап-қуўатлайды. Мәҳәлле агентлери менен биргеликте қәлиплестирилген дизим тийкарында адамларды дәраматлы мийнетке бәнт етиўге өз үлесин қосады. Бул ушын барлық қаржы механизмлери бар.

Аймақлық банклер ҳәм район ҳәкимлери халықты таяр бизнес жойбарлары менен таныстырып барады, оларды әмелге асырыўдың көнликпелери үйретиледи. «online-mahalla.uz», «bank-kredit.uz» ҳәм «soliq.uz» мәлимлеме системалары интеграцияланып, жуўапкерлерге жүкленген ўазыйпалардың орынланыўы күнлик талқыланып барылады. Жумысы қанаатландырарсыз болған басшыларға шара көриледи.

«Мәҳәлле банкирлери» системасы арқалы 1 миллион 400 мың адам турақлы жумыс пенен тәмийинленеди. Және 2 миллион 100 мың халықты исбилерменликке тартыў есап-санақ исленген. Бул бағдарда өзине тән қаржы механизмлери де енгизилип атыр. 1 миллиард доллар қаратылып атырған «Мәҳәлле жойбары» бағдарламасы әне, усындай әҳмийетли қаржы механизмлеринен бири.

Бағдарламада шаңарақлық исбилерменлик бағдарламаларында жетискенликке ерискен халыққа узақ мүддетке көбирек көлемде қаржы ажыратылады. Сондай-ақ, ҳәр бир мәҳәлледе кеминде 10 шаңарақ ушын «Жойбар пакети» жеткерип бериледи.

Таллаўларға бола, бул пакетлер арқалы шаңарақлар 60-70 миллион сумнан кем болмаған жыллық дәраматқа ийе болады. Және бир мағлыўмат, «Мәҳәлле жойбары» бағдарламасын Паркент тәжирийбеси мысалында айтыў мүмкин. Бул тәжирийбе Азия раўажланыў банки ҳәм Халқ банки менен биргеликте әмелге асырылмақта. Алдын шаңарақлық исбилерменлик бағдарламаларынан табыслы өткен халық бул бағдарламаға тартылады ҳәм оларға көбирек муғдарда, узақ мүддетке кредит ажыратылыўы жолға қойылады.

Бүгинги күнде бир қатар банклер системасында мәҳәлле банкирлериниң жумысы жолға қойылды. Атап айтқанда, «Бизнести раўажландырыў банки»ниң Бас офисинде өз алдына қурамындағы структура, ўәлаятлық филиалларда тийисли бөлимлер ҳәм районлық филиалларда сыңарлардың жумысы жолға қойылады. Банкке бириктирилген 648 мәҳәлледе халықты исбилерменликке тартыў мақсетинде 227 мәҳәлле банкири ҳәм ҳәр бир мәҳәлле ушын 648 мәҳәлле жәрдемши-агентлери тартылмақта.

Соның ишинде, бүгинги күнде «Бизнести раўажландырыў банки» тәрепинен 280 мың халықты дәраматлы мийнет пенен тәмийинлеў, онда  114 мың 685 адамды турақлы жумыс пенен бәнет етиў ҳәм 165 мың  315 адамды  исбилерменликке тартыў бойынша жедел жумыслар алып барылмақта. Банкке бириктирилген 648 мәҳәлледе  экономикалық белсендиликти арттырыў, соның ишинде, халықты исбилерменликке тартыў, жаңа имканиятларды жаратыў бойынша жумысларды шөлкемлестириў мақсетинде 227 мәҳәлле банкири ҳәм ҳәр бир мәҳәлле ушын 648 мәҳәлле жәрдемши-агентлери тартылмақта. Ҳәзирги ўақытта мәҳәлле банкирлери ҳәм жәрдемши агентлер мәҳәллениң бизнес имканиятларын үйренип, адамлар менен тиккелей сәўбетлер өткерип, олардың идеяларын жойбарларға айландырмақта.

Атап айтқанда, мәҳәллениң бизнес имканиятларын үйренип, халықтың бизнес идеялары тийкарында оларға таяр жойбарлар усынылмақта. Халық пенен кредит алыў, қайтарыў, бизнести жолға қойыў ҳәм өнимди сатыў сыяқлы мәселелерде сөйлесиўлер өткерилип, олардың қаржы саўатлылығын арттырыўға жәрдем бермекте. Соның менен бирге, банк таяр болған жойбарларды иске түсириў ҳәм бизнести жолға қойыў процесслеринде олардың ең исенимли ҳәм тығыз бирге ислесиўшисине айланбақта.

Усы жерде тағы бир жағдайға итибар қаратпақшымыз. Быйыл ҳәр бир мәҳәлледе микрожойбарлар әмелге асырылыўы нәзерде тутылмақта. Яғный, жәми 9 мың 453 мәҳәлледе улыўмалық есапта 40 жойбардан, 378 мыңнан зыят микрожойбарлар әмелге асырылады. Соның нәтийжесинде 757 мыңнан зыят халықтың бәнтлиги тәмийинленеди. Сондай-ақ, киши ҳәм орта бизнес ҳәм киши орта бизнести қоллап-қуўатлаўға быйыл 120 триллион сум муғдарында кредитлер қаратылады. Бул, жыл даўамында ажыратылатуғын кредитлердиң 40 проценти усы тараўға қаратылады, дегени.

Бир сөз бенен айтқанда, 2025-жыл бәнтликти тәмийинлеў  ҳәм кәмбағаллықты қысқартыўда шешиўши жыл болады. Бул бағдарда мәмлекетимиз басшысы тәрепинен жаңа система ҳәм жүдә үлкен муғдарда қаржы ресурслары ажыратылды. Енди орынлардағы жуўапкерлер жумыс системасы менен көз-қарасын жаңаша шөлкемлестириўи зәрүр.

Шаҳноза МАМАТУРОПОВА,

ӨзАның хабаршысы