«Apple» және бир мәрте дүньяның ең қымбат брендлери дизиминде биринши орынды ийеледи

219

Американың «Apple» корпорациясы избе-из екинши жыл дүньядағы ең қымбат брендке айланды. Бул ҳаққында «Brand Finance Global» мәлим етпекте.

Атап өтилиўинше, «Apple» брендиниң баҳасы жыл даўамында 11 процентке артып, 574,5 миллиард долларды қураған.

Рейтингте екинши орынды «Microsoft», үшинши орынды «Google», төртинши орынды болса «Amazon» ийеледи. Сондай-ақ, ең қымбат брендлер онлығына “Samsung”, “Tik Tok”, “Facebook”, “Nvidia” ҳәм Қытайдың “State Grid Corporation of China” сыяқлы компаниялар киргизилди. “Deutsche Telekom” улыўмалық рейтингте 11-орынды ийелеп, Европаның ең қымбат бренди сыпатында тән алынды.

“Brand Finance Global” мағлыўматларына бола, дүньядағы ең қымбат 500 брендтиң улыўма баҳасы өткен жыл даўамында 10 процентке өсип, дерлик 9,5 триллион долларды қураған.

Г.Сатторова, ӨзА