Өзбекстан ҳәм Россия арасында әскерий тараўдағы стратегиялық бирге ислесиў бағдарламасы қабыл етилди

22-январь күни Өзбекстан қорғаныў министри генерал-майор Ш.Холмуҳамедов рәсмий сапар менен келген Россия қорғаныў министри Андрей Белоусов пенен ушырасты.
Қорғаныў министрлиги орайлық аппаратында өткерилген еки тәреплеме бирге ислесиў ушырасыўында генерал-майор Ш.Холмуҳамедов делегация ағзаларын Өзбекстанға шөлкемлестирген сапары менен қутлықлап, Өзбекстан ҳәм Россия арасында көплеген тараўларда алып барылып атырған бирге ислесиў жумыслары байланысларын және де беккемлеўге хызмет етип атырғанын атап өтти.
Ушырасыўларда делегация басшысы менен Өзбекстан-Россия бирге ислесиўиниң қорғаныў тараўындағы ҳәзирги жағдайы ҳәм оны раўажландырыў перспективалары додаланды.
Ушырасыў соңында қорғаныў министрлери тәрепинен Россия ҳәм Өзбекстан қорғаныў министрликлери арасындағы 2025-жылға мөлшерленген бирге ислесиў режеси, соның менен бирге Өзбекстан ҳәм Россия арасында 2026-2030-жылларға мөлшерленген әскерий тараўдағы стратегиялық бирге ислесиў бағдарламасына қол қойылды.
Рәсмий қабыллаўдан соң Россия Федерациясы қорғаныў министри Андрей Белоусов басшылығындағы әскерий делегация ўәкиллери «Жеңис парки» естелик комплексине барған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги