Қазақстанда қолайсыз ҳаўа-райы себепли мыңнан артық автомобиль жолларда топланып қалды

327

Қазақстанның Қарағанда ўәлаятында қолайсыз ҳаўа-райы жағдайы себепли мыңнан аслам автомобиль магистраль жолларда топланып қалды.

«Каzinform» мәлимлеме агентлигиниң хабар бериўинше, жол ҳәрекети қатнасыўшыларының қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде патруль полициясы батальоны ҳәм аймақлық бөлимлери жеке қурамы күшейтилген хызмет режимине өткерилген.

Ҳаўа-райы жағдайының төменлеп баслағанынан берли полиция хызметкерлери турақлы түрде жоллардың жағдайын қадағалап, айдаўшыларға жәрдем көрсетпекте.

Г.Сатторова, ӨзА