Мәденият ҳәм көркем өнер тараўының әҳмийетли мәселелери додаланды

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Өзбекстан Республикасы мәденият министри Озодбек Назарбеков пенен ушырасты.
Бүгин 22-январь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев ҳәм Өзбекстан Республикасы мәденият министри Озодбек Назарбеков пенен ушырасыў өткерди.
Ушырасыўда мәмлекетимиз Президенти тәрепинен мәденият ҳәм көркем өнер тараўын реформалаў, оны және де раўажландырыў мәселесине үлкен итибар қаратылып атырғаны, 2024-жыл жуўмағында тараўға байланыслы бир қатар әҳмийетли қарарлар қабыл етилгенлиги айрықша атап өтилди.

Сондай-ақ, ҳүрметли Президентимиздиң 2024-жылдың 20-21-август күнлери Қарақалпақстан Республикасына сапары ўақтында белгилеп берген тапсырмаларына муўапық, 2025-жылдың апрель-май айларында Нөкис қаласындағы «Ақ қуў» комплекси ҳәм Тахтакөпир районында «Көшпели халықлар» халықаралық фестивалын өткериў ҳәм 2026-жылы «Айқулаш» Қарақалпақ мәмлекетлик миллий фольклор ансамблиниң 70 жыллық юбилейин өткериў сыяқлы мәселелер додаланды.
Ушырасыў даўамында Өзбекстан Республикасы мәденият министри Озодбек Назарбеков Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевқа «Маданият ва санъат фидокори» көкирек белгисин тапсырды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги