Түркияда 22-январь матам күни деп жәрияланды

158

Түркия президенти 22-январь сәнесин матам күни деп жәриялады. Буған мәмлекеттиң Болу ўәлаятындағы Карталкая таў-шаңғы курортында шийшембиге өтер түнде келип шыққан өрт нәтийжесинде көплеген инсанлардың қайтыс болыўы себеп болған.

Ҳәзирги күндеги жағдайға бола, өрт қурбанларының саны 76 ға  жеткен.

Мәмлекет ИИМ басшысы Али Ерликаяның мәлим етиўинше, бул өрт бойынша 9 адам , соның ишинде мийманхана ийеси де қолға алынған.

Ўақыя жүз берген күни мийманханада жәми 234 мийман дизимнен өткенин еслетип өтемиз. Ўәлаят губернаторлығы олардың барлығы Түркия пуқаралары екенлигин билдирди. Өрт себеплери ҳәзирше мәлим емес.

ӨзА