Қарақалпақ нақыл-мақаллары түрк тилинде китап болып шықты

283

Қырғызстан-Түркия Манас университети Әдебият факультети доценти Эрдал Айдоғмуш (Erdal Aydoğmuş түркше усылай жазылады) тәрепинен «Каракалпак түрклериниң ата сөзлери (инжелеме-метин-актарма» (Қарақалпақ нақыл-мақаллары. Изертлеў-текст-аўдарма)» китабы баспадан шықты.

Китап кирисиў, изертлеў, текст ҳәм аўдарма бөлиминен ибарат. Кирисиў бөлиминде Қарақалпақстан Республикасы, қарақалпақ тили ­ҳәм қарақалпақ әдебияты ҳаққында қысқа мағлыўмат берилген. Изертлеў бөлиминде нақыл-мақаллардың темасы, нақыл-мақаллардағы троплар, яғный, көркем сүўретлеў қураллары ҳәм гәп түрлери изертленген. Китаптың аўдарма бөлиминде жәми 1007 қарақалпақ нақыл-мақаллары түрк тилине аўдарылған.

– Профессор Эрдал Айдоғмуш қарақалпақ тилинен басқа және рус, инглис, қырғыз, қазақ, өзбек, уйғыр тиллерин жақсы меңгерген филолог илимпаз болып есапланады,-дейди Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультети Журналистика кафедрасының баслығы, филология илимлери бойынша философия докторы Жаңабай Марзияев.

Ол 2014-2015-жыллары Қырғызстан-Түркия Манас университетинде Шет тиллер тил үйретиў бөлиминде, 2015-2021-жыл аралығында Ардахан университетинде, 2019-2021-жыллары Ахмет Яссауий Түрк-Қазақ университети Түрк тили бөлиминде жумыс ислеген. 2022-жылдан баслап Қырғызстан-Түркия Манас университетиниң Əдебият факультети Түркология бөлиминде жумыс ислемекте. Түрк тиллери бойынша үлкен тәжирийбеге ийе қәниге болып есапланады.

Бул китап еки халықтың дослық қатнасықларын және де беккемлеў ҳәм бир-бирин жақыннан билиўи ушын үлкен әҳмийетке ийе.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги