“Cyber university” мәмлекетлик университети шөлкемлестириледи

402

Усы жылы 20-январьда Cyber university” мәмлекетлик университетин шөлкемлестириў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Президенти қарары қабыл етилди.

Қарарға бола, университеттиң тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленбекте:

-мәлимлемени қорғаў, мәлимлеме ҳәм киберқәўипсизлик, санлы технологиялар ҳәм санлы экономика, жасалма интеллектке тийкарланған автоматластырылған мәлимлеме-таллаў системаларын жаратыў, робототехника ҳәм басқа түрдеги тараўлар бойынша кадрлар таярлаў;

-санлы технологиялар тараўында қәнигелерди қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў;

-оқыў процесин алдыңғы сырт ел тәжирийбеси ҳәм заманагөй билимлендириў технологиялары тийкарында шөлкемлестириў ҳәм ашық мәлимлеме-билимлендириў орталығының раўажланыўына жәрдемлесиў;

-жаслардың билим алыўы ҳәм кәсип ийелеўине қосымша шараятлар жаратыў, мәмлекетлик уйымлар, кәрханалар ҳәм басқа шөлкемлерди кадрлар менен тәмийинлеўде танлап алыў ҳәм қамтып алыўды кеңейтиў;

-оқыў ҳәм илимий жойбарларды әмелге асырыўда жетекши республикалық ҳәм сырт ел жоқары билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў шөлкемлери, санлы технологиялар ислеп шығарыўшылар ҳәм тутыныўшылар, басқа тараўлық кәрханалар менен бирге ислесиў;

-тийисли билимлендириў бағдарлары ҳәм қәнигеликлери бойынша оқыў-методикалық әдебиятларды жаратыў, студентлер ҳәм қәнигелерди кеңнен тартқан ҳалда фундаментал, илимий ҳәм әмелий изертлеўлер алып барыў.

ӨзА